Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасында, басқарма хызметкерлери ҳәм исбилерменлердиң қатнасыўында 9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күнине бағышланған «Коррупция-раўажланыўымызға тосық!» атамасында илаж өткерилди.
Оны басқарма баслығының орынбасары С.Ерниязов алып барды.
Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының өз қәўипсизлиги ҳәм комплаенс-қадағалаў бөлими бас инспекторы А.Байрыев, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы Шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бөлиминиң айрықша әҳмийетли ислер бойынша тергеўшиси Ж.Султамуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, коррупция ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик дәрежеде әмелге асырылып атырған жумыслар, усы мәселелерге байланыслы нызамшылықлар туўралы кең түрде мағлыўматлар берди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрь күнги «Жасырын экономиканы қысқартыў ҳәм салық уйымлары жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳақкында»ғы пәрманына муўапық, мәмлекетлик салық хызмети уйымларында «Өз қәўипсизлиги ҳәм комплаенс-қадағалаў басқармасы (бөлимлери)» шөлкемлестирилди. Усы бөлим тәрепинен, быйылғы жылдың 11 айы даўамында мәмлекетлик салық хызмети уйымларында, жәми 106 профилактикалық жыйналыслар өткерилди.
Инсан факторы нәтийжесинде коррупциялық жағдайлар жүз бериў қәўпи жоқары болғанлығы себепли, инсан факторын кемейтиў бағдарында да бир қатар илажлар әмелге асырылды. Быйылғы жылдан баслап, мәмлекетлик салық хызмети уйымларына жумысқа қабыл етиў, тек Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң порталы арқалы (vacancy.argos.uz) әмелге асырылмақта. Бул тараўда коррупцияның алдын алыў, тәжирийбели кадрлар резервин қәлиплестириў, бос жумыс орынларын мүнәсип кадрлар менен толтырыўдың ашық системасы есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы бойынша быйылғы жылдың өткен дәўири даўамында, my.soliq.uz сайты арқалы 350450 мәрте юридикалық, 4255231 мәрте физикалық тәреплер жеке кабинети арқалы салық уйымларына бармай-ақ, салық хызметлеринен пайдаланды. Бул көрсетикиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 31 процентке көбейди.
Сондай-ақ, коррупциялық жағдайлар ҳәм нызамсыз тексериўлердиң алдын алыў мақсетинде пуқаралар тәрепинен өз мүрәжатларын жоллаўы ушын “Soliq.hamkor” программасы жолға қойылды.
Бизнес шериктиң салық қарызын тексериў имканияты да енгизилип, салық төлеўшилердиң контрагентлер менен өз-ара байланысқа кирисиўинде олардың финанслық жағдайын баҳалаў имканиятлары жаратылды.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги