Ташкент қаласындағы Әнжуманлар сарайында 24-ноябрь күни «Жаңа Өзбекстан билимлендириўи: реформалар жолында табыслы бирге ислесиў» халықаралық форумы жумыс баслады.
Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги тәрепинен халықаралық шерик шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген әнжуман күн тәрибинен глобал билимлендириўди раўажландырыў, оқытыў сапасын жаңа басқышқа алып шығыў, бирге ислесиўди күшейтиў, оқытыўшылардың тәжирийбесин арттырыў мәселелер орын алған.
Илаж алдында Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Халықаралық форумның қатнасыўшыларына қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Абдужаббор Абдуваҳидов оқып еситтирди.
Халықаралық форумда Массачусетс технологиялар институты J-Well директоры Вижай Кумар, Мюнхен техника университетиниң ҳүрметли президенти, Жаңа Өзбекстан Университетиниң ҳүрметли ректоры Вольфганг Херрман, ЮНЕСКОның билимлендириў мәселелери бойынша директорының орынбасары Стефания Жанини, «Cambridge Assessment» халықаралық билимлендириў шөлкеминиң бас мәләҳәтшиси Стив Кинг, «Times Higher Education» оқыў мәкемеси бас коммерциялық директоры Ник Девис сыяқлы көплеген халықаралық көлемдеги абырайлы қәнигелер қатнасып атырғаны усы әнжуманның жоқары абырайын белгилейди.
Әнжуманлар сарайының фойесинде соңғы жылларда Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген «Жаңа Өзбекстан» университети, Президент мектеплери, Абдулла Қәдирий, Мырза Улығбек, Абу Али Ибн Сино, Муҳаммад Ал-Хорезмий атындағы қәнигелескен мектеплер, санлы әўлад оқыў мәкемелерине билим алып атырған жас оқыўшы-студентлер жаратқан илимий қолланбалар, доретиўшилик үлгилериниң көргизбеси шөлкемлестирилди.
Қатнасыўшылар Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң жумысы менен танысты.
Форум шеңберинде Массачусетс технология институты, Түркия Билимлендириў министрлиги, Ноттингем Трент, Портсмут университетлери, «Team Coach International» шөлкеми менен бирге ислесиў меморандумларына қол қойылды.
Буның нәтийжесине бола, Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелериниң жумысында бирге ислесиўдиң анық бағдарлары белгилеп алынады, тәжирийбе алмасыў процесинде билимлендириў бағдарындағы бар машқалаларға шешим табыў, әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин баҳалаў имканияты пайда болады.
Илаж қатнасыўшыларының «Жаңа Өзбекстан» университетиниң бағдарлары, мақсет ҳәм ўазыйпалары, орайда жаратылған шараятлар менен жақыннан танысыўы жетик сырт ел ҳәм жергиликли профессорлар, илимпазлар, тәжирийбели оқытыўшы ҳәм хызметкерлерди, сондай-ақ, сырт ел студентлерин университетке тартыўға жәрдем береди. Қалаберди, бул халықаралық майданда Өзбекстанның унамлы имиджин жақсылаўға да үлес қосады.
Форумның биринши күнинде таныстырыў мәжилиси ҳәмде жоқары мәртебели мийманлардың қатнасыўында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди. Сөйлесиўлерде, соның ишинде, глобал билимлендириўдеги бар машқалалардың шешими: сырт ел тәжирийбеси ҳәм интеграция, заманагөй мийнет базары талабына муўапық билим бериўдиң тийкарғы факторлары, талантлы жаслар ушын сапалы билимлендириў шараятын жаратыў, билимлендириўге байланыслы глобал көлемдеги жаңалықларды жергиликли шараятқа енгизиў темаларында экспертлердиң шығып сөйлеген сөзи тыңланды.
Әнжуманның екинши күнинде Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлиги системасындағы муғаллимлер ушын тәжирийбели сырт ел қәнигелериниң қатнасыўында шеберлик сабақлары ҳәм презентациялар өткериў нәзерде тутылған. Жалпы мәжилисте санласқан дәўирде шет тиллерди оқытыў көнликпеси ҳәм SТEМ пәнлерин енгизиўдиң ҳәзирги машқалалары ҳәм келешектеги стратегиялары сыяқлы мәселелер де додаланады.
Илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев, Президент билимлендириў мәкемелери агентлигиниң директоры Ҳилола Умарова қатнасты.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы