Ҳүкимет қарары (705-санлы, 22.11.2021 ж.) менен Әдиллик министрлиги юридикалық техникумның питкериўшилерин юриспруденция бағдары бойынша жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаўға байланыслы реже тастыйықланды.

Режеге муўапық, аймақлық әдиллик уйымлары ҳәр жылы 10 июньға шекем техникум питкериўшилерге жоллама бериў мәселесин көрип шығыў ушын комиссия дүзеди.

Питкериўшилер жолланба алыў ушын комиссияға 20-июньға шекем юридикалық техникум питкериўшилерине жоллама бериў мәселесин көрип шығыў ушын комиссия дүзеди.

Арзалар 20-июньнан 30-июньға шекем төмендеги тийкарғы талаплар бойынша көрип шығылады:

– ҳәр бир пән бойынша рейтинги 71 ҳәм оннан жоқары болыўы (сыртқы ямаса аралықтан билимлендириўде оқығанлар ушын 85 ҳәм оннан жоқары);

– шет тилин B2 ҳәм оннан жоқары дәрежеде билиўин тастыйықлаўшы сертификаты болыўы;

– руўхый-ағартыўшылық ҳәм жәмийетлик жумыслар, жойбарлар ҳәм таңлаўларда белсене қатнасқан, жеке жетискенликлердиң бар болыўы;

– ишки тәртип-қағыйдаларға, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи керек;

Жолланба алғанлар ҳүжжетлерди 5-25-июльда Жоқары оқыў орнына онлайн жибереди.

Жолланба алғанлар менен жеке тәртиптеги сәўбет 10-25-августта өткериледи.

Сәўбетте мәмлекеттеги реформалардың мазмуны, қәнигеликти таңлаўдағы мотивация, жеке кәсиплик өзгешеликлер, юридикалық билимлер анықланады ҳәм баҳаланады.

Сәўбет нәтийжелери 30-августқа шекем абитуриентти оқыў қабыллаў ушын тийисли Жоқары оқыў орнына жибериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги