Усы күнлери Қазақстан Республикасының қорғаныў министри, генерал-лейтенант Мурат Бектанов басшылығындағы әскерий делегация елимизде мийман болмақта.

Жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан қорғаныў министри, генерал-лейтенант Баҳодир Қурбонов қабыл етти.

Ушырасыўда еки тәреплеме әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы соның менен бирге, перспективасы, регионаллық қәўипсизлик мәселеси додаланды, тийисли ҳүжжетлерге қол қойылды.

Сапар даўамында қазақстанлылар пайтахтымыздағы «Жеңис парки» комплексинде болып, «Мәртлик гимни» естелигине гүл қойды. «Даңқ» музейин тамашалады.

Делегация ағзалары Қорғаныў министрлиги «Чимён» таў таярлығы оқыў-шынығыў орайы ҳәм Қураллы Күшлер академиясының жумысы менен танысты. Туўысқан ел қәнигелери орай ҳәм жетекши жоқары әскерий билимлендириў мәкемесиниң әскерий хызметкерлериниң кәсиплик шеберлигин жетилистириў мақсетине қаратылған материаллық-техникалық база, улыўма, комплекслерде жаратылған заманагөй шараятты айрықша атап өтти.

Сапар бағдарламасына бола, Қазақстан әскерий делегациясы Арқа-батыс арнаўлы әскерий округ «Термиз» дала оқыў шынығыў майданында өткерилип атырған «Бирге ислесиў-2021» өзбек-қазақ оқыў шынығыўының жедел басқышын да бақлайды.

 

Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы