Елимизде дренаж системаларының жағдайын жақсылаў, олардың талап дәрежесинде үзликсиз ислеўин тәмийинлеўге қаратылған ҳүкиметлик жойбарлар менен илажлар ислеп шығылып, оларды әмелге асырыў ушын тийисли дәрежеде қаржы ресурслары ажыратылмақта.

Соның ишинде, суўғарып егилетуғын жер майданларының ярымынан көп бөлегинде топырақтың шорланыўына байланыслы машқалалар өзиниң шешимин таппақта. Мәселен, тийисли ҳүжжетлер тийкарында Тақыятас районы аймағындағы дренаж тармақларын қурыў ҳәм қайта оңлаў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компаниясы» менен «Тиклеў оңлаў хызмети» унитар кәрханасы Тақыятас филиалы ҳәм Хожели районындағы «РМК-498» жуўапкершилиги шекленген жәмийети арасында дүзилген шәртнамаға муўапық Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Аралбойы аймағын раўажландырыў қоры есабынан 2017-2018-жылларда тоғыз дана вертикал системасын қурыў ушын жәми 897  миллион 390 мың сум қаржы ажыратылған. Усы қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўын анықлаў мақсетинде Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан либерал-демократиялық партиясынан халық депутатлары Тақыятас районының депутаты Азат Матмуратов  тәрепинен депутатлық ўәкиллиги шеңберинде Тақыятас районындағы тоғыз дана вертикал дренаждың қурылыс-жойбарлаў (смета) ҳүжжетлери үйренип шығылды.

Үйрениў нәтийжесинде жоқарыда атап өтилген кәрханалар тәрепинен ҳүжжетлерди қәлбекилестириў жолы менен қаржылардың талан-тараж  етилгенлиги, дренаж системасының толық питкерилмегенлиги анықланды.

Депутат тәрепинен анықланған жағдайға нызам шеңберинде шек қойыў мақсетинде тийисли мәмлекетлик уйымларға  мүрәжат етти. Жоқарыдағы атап өтилген кәрханалардың лаўазымлы шахсларына мәмлекеттиң бюджет қаржыларын растрата етиў жолы менен талан-тараж еткени ушын Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў Департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң  тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, айыплы шахслар жынайый жуўапкершиликке тартылды.

Солай етип, халық ўәкилиниң араласыўы менен бул мәселе унамлы шешимин тапты. Яғный «Тиклеў оңлаў хызмети» унитар кәрханасы Тақыятас филиалы ҳәм Хожели районындағы «РМК-498» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен тоғыз дана вертикал дренаж системасы толық жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги