Уллы Британия ҳүкимети «Darwin Initiative» арнаўлы грант бағдарламасы шеңберинде «Возрождение атаўы: исбилерменлик, тәбиятты қорғаў ҳәм Арал теңизи әтирапын раўажландырыў» жойбары ушын 500 мың доллардан аслам қаржы ажыратыў бойынша қарар қабыл етти.

Мәлим болыўынша, Өзбекстанның Уллы Британиядағы елшиханасы қатнасыўында алынатуғын грант қаржыларынан Кент университетиниң Даррель атындағы тәбият ҳәм экологияны қорғаў институты, Сайғақларды қорғаў бойынша халықаралық Альянс, Өзбекстан Илимлер Академиясының Зоология институты ҳәм мәмлекетлик Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети пайдаланады.

Жойбар үш жылға арналған болып, жойбар шеңберинде Арал теңизиндеги Возрождение атаўы ҳәм оған тутас болған аймақларға тәбияты қорғалатуғын зоналар статусын бериў бағдарындағы жумыслар әмелге асырылады.

Бул Возрождение атаўындағы сийрек гезлесетуғын биологиялық көптүрлиликти сақлап қалыў, соның ишинде, қырылып кетиў қәўпи астында қалған сайғақларды қорғаўға жәрдем береди.

Соның менен бирге, туризмди раўажландырыў арқалы жергиликли халықты турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеў жойбарлары да турмысқа енгизиледи.

Жойбар басшысы, Кент университетиниң профессоры Джозеф Буллдың пикиринше, жаңа баслама ҳүкиметлер, исбилерменлер, сырт елли шериклер ҳәм жергиликли халық ҳәрекетлерин бирлестирип, Аралбойын қайта тиклениў символына айландырыў, регионның экономикалық ҳәм экологиялық потенциалын ашыўға көмеклеседи.

Өзбекстанда биокөптүрлиликти сақлаў бағдарында 20 жылдан аслам ўақыттан берли жумыс ислеп киятырған Сайғақларды қорғаў бойынша халықаралық Альянс басшысы Елена Бикованың билдириўинше, бул жойбар регионда аз санда қалған сайғақлар ҳәм басқа қырылып кетиў алдында турған ҳайўанатларды сақлап қалыўда реал өзгерислерге қарай баслайды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.