Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов 27-октябрь күни болып өткен Аўғанстан менен қоңсы мәмлекетлер сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўында қатнасыў мақсетинде Тегеран қаласына барды.

Сапар шеңберинде Абдулазиз Комилов Иран Ислам Республикасы сыртқы ислер министри Хусайн Амир Абдуллаҳиён менен сөйлесиўлер өткерди.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Баспасөз хызмети хабар берди.

Ушырасыўда тәреплер Өзбекстан-Иран қатнасықларының бүгинги дәрежеси, түрли тараўлардағы саўда-экономикалық бирге ислесиў перспективаларын додалады.

Сыртқы ислер министрликлери арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўлер мәселесине де айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Иранның аўған кризисин шешиў бағдарындағы ис-ҳәрекетлери, Аўғанстанда түрли инфраструктуралық жойбарларды биргеликте әмелге асырыўда еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары көрип шығылды.

Иран тәрепи Аўғанстанда узақ мүддетли ҳәм турақлы тынышлық орнатыўға белсене үлес қосыўға таяр екенин билдирди.

 

ӨзА