Пакистанда «Шавкат Мирзиёев – узақты көре билетуғын мәмлекетлик ғайраткер» (“H.E. Shavkat Mirziyoyev a visionary statesman”) аналитикалық мақалалар топламы басып шығарылған.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы Ислер министрлигинде усы топламның презентациясы болып өтти. Бул ҳаққында «Дунё» мәлимлеме агентлиги хабарында мәлим етилген.
Хабарға бола, Исламабадтағы Глобал ҳәм стратегиялық изертлеўлер орайы тәрепинен Өзбекстан елшиханасы менен биргеликте баспаға таярланған китапқа Пакистанның белгили экспертлери, илимпазлары ҳәм жас изертлеўшилери тәрепинен жазылған 14 аналитикалық мақала киргизилген.
Илажда Өзбекстан Сыртқы Ислер министриниң орынбасары Фурқат Сидиков шығып сөйлеп, усы китаптың басып шығарылыўы Пакистан жәмийетлик-сиясий ҳәм эксперт-таллаў топарларының ўәкиллери және дүнья жәмийетшилигиниң Жаңа Өзбекстанға болған үлкен қызығыўшылығын көрсететуғынын атап өтти.
Жаңа топлам Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли социаллық-экономикалық реформалар ҳәм демократиялық өзгерислердиң нәтийжелери, мәмлекетимиз басшысының конструктивлик сыртқы сиясаты, регионаллық ҳәм глобал әҳмийетке ийе идеялары, соның ишинде, Ташкентте Орайлық ҳәм Қубла Азия регионаллық өз-ара байланыс темасына бағышланып өткерилген халықаралық конференцияда алға қойылған 10 басламасының мазмун-мәнисине бағышланған.
Ташкентте Өзбекстан Президенти сайлаўында халықаралық бақлаўшы сыпатында болып турған Глобал ҳәм стратегиялық изертлеўлер орайының атқарыўшы директоры Ҳолид Таймур Акром аналитикалық мақалалар китабын усыныс етип, Пакистанның кең жәмийетшилиги Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң реформашылық сиясатына үлкен қызығыўшылық ҳәм терең ҳүрмет қатнасында екени және оны терең үйренип атырғанын атап өтти.
Китаптың биринши бөлими «Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң избе-из басшылығы дәўиринде» деп аталып, жәмийетлик турмыстың түрли тараўларында әмелге асырылған реформалар ҳәм өзгерислердиң нәтийжелерин көрсетиўши бес аналитикалық материалдан ибарат.
«Өзбекстан сыртқы сиясатының бағдарлары» деп аталған екинши бөлимде мәмлекетимиздиң регионаллық ҳәм халықаралық қатнасықлардағы абырайы, Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған өз-ара пайдалы көп тәреплеме жаңа басламалардың әҳмийети, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстан сыртқы сиясатының мақсетлерине бағышланған үш аналитикалықмақала орын алған.
Китаптың «Орайлық ҳәм Қубла Азияның регионаллық өз-ара байланысы: Президент Шавкат Мирзиёевтиң уллы басламасы» деп аталған үшинши бөлими Өзбекстан басшысы тәрепинен быйыл июль айында Ташкентте болып өткен халықаралық конференцияда регионаллық өз-ара байланыслылық қатнасықларын беккемлеўге қаратылған басламаларына бағышланған.
Китапта топланған материаллар буннан алдынырақ Пакистанның «Islamabad Post», «Diplomatic News Agency», «Centreline», «National Herald Tribune» сыяқлы жетекши газета ҳәм журналлары, олардың веб-сайтлары, таллаў орайларының арнаўлы брошюраларында басып шығарылған.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзА