«Telegram» мессенджери реклама платформасын иске қосты. Бул ҳаққында компания тәрепинен мәлим етилди.

Атап өтиўинше, мессенджер рекламалары  1000 нан аслам  жазылыўшыларға ийе болған ири ғалаба каналларда ислейди. Реклама текстинде көби менен  160 белги болыўы зәрүр.

Сондай-ақ, рекламалардың мазмуны тек олар көрсетилетуғын каналлар темаларына тийкарланады. Бул «Telegram» каналына кирген ҳәр бир адамға бирдей хабар көрсетилетуғынын аңлатады. Соның менен бирге, пайдаланыўшының мағлыўматлары талланбайды.

Алдынырақ «Telegram» тийкаршысы Павел Дуров мессенджерде реклама хабарларын жайластырыў механизми ҳаққында айтқан еди. Оның атап өтиўинше, қосымша пайдаланыўшылардың көпшилиги жаңалықты дерлик сезбейди.

Дуровтың сөзлерине бола, «Telegram»дағы чатлар, жеке сөйлесиўлер ямаса топарларда реклама көрсетилмейди. Сондай-ақ, рекламаларды көрсетиўде жеке мағлыўматлардан пайдаланылмайды. Себеби, компания ушын  пайдаланыўшының сыр тутылыўы биринши орында турады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги