2020-жылдың жуўмақларына бола, Өзбекстанда токсикалық ҳәм токсикалық емес шығындылар пайда ететуғын шөлкемлерде пайда болған жәми шығындылар муғдары 125,6 миллион тоннаға жетти. Бул санларды Статистика комитети мәлим етти.

Бул көрсеткиш аймақлар кесиминде анализленгенде, ең көп шығындылар үлеси Наўайы ўәлаяты – 48,2 процент, Ташкент ўәлаяты – 34,6 процент ҳәм Жиззақ ўәлаяты – 9,1 процент үлесине туўра келген.

Ең аз үлес Сырдәрья ўәлаяты – 0,01 процент, Қарақалпақстан Республикасы – 0,02 процент ҳәм Ферғана ўәлаяты – 0,03 процент үлесине туўра келмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги