Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-октябрь күни Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имран Хан менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында Пакистан Ҳүкиметиниң басшысы мәмлекетимиз жетекшисин сайлаў кампаниясының табыслы өткерилгени ҳәм Президент сайлаўында исенимли жеңиске ерисилгени менен қызғын қутлықлап, дос Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан Президенти ҳәм Пакистан Бас министри еки тәреплеме бирге ислесиўде турақлы раўажланыў тенденциясы бақланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Быйыл июль айында өткен Ташкент саммити даўамындағы нәтийжели ушырасыўлар көп қырлы Өзбекстан – Пакистан қатнасықларын анық мазмун менен байытып, стратегиялық шериклик дәрежесине көтериўге хызмет етти.

Өз-ара саўда көрсеткишлериниң артып атырғаны, еки мәмлекет жетекши компанияларының санаат кооперациясы көлеми кеңейип баратырғаны айрықша атап өтилди. Инвестиция, банк-финанс, транспорт-коммуникация, гуманитар ҳәм басқа да тараўларда жаңа жойбарлар ҳәм бағдарламалар ислеп шығылмақта.

Аўғанстанда пайда болып атырған жағдай бойынша да пикир алысылды. Бул мәмлекетте тынышлық орнатылыўына ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўға ерисиўге жәрдемлесиў мақсетинде халықаралық ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА