Т.Қайыпбергеновтың туўылғанына 95 жыл

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың 95 жыллығына арналған әдебий-мәдений илаж шөлкемлестирилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси басшылары, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң ўәкиллери, илимпазлар, жазыўшы ҳәм шайырлар, шайырдың заманласлары, аўылласлары, туўған-туўысқанлары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Дәслеп илаж қатнасыўшылары Нөкис районындағы «Әзлер баба» қойымшылығындағы жазыўшы қәбирин зыярат етип, қуран оқылып, оның руўхына ҳүрмет көрсетилди.

Театрдағы илаж жазыўшы Төлепберген Қайыпбергеновтың өмири ҳәм дөретиўшилик жумыслары ҳаққында таярланған ҳүжжетли фильмди тамашалаў менен басланды. Соң жазыўшының 95 жыллығына байланыслы салтанатлы мәжилис өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың 95 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қутықлаўын оқып еситтирди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Кәримов, филология илимлеринин докторы, профессор Зияда Бекбергенова, туўған туўысқанлары, заманласлары шығып сөйлеп жазыўшының өмири ҳәм дөретиўшилик жумысларына кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, халқымызда «Өмир ақкан дәрья», «Өмир өткинши», сыяқлы түсиниклер бурыннан қәлиплескенлиги белгили. Былайынша алып қарағанда, бул гәплер дурыстай. Лекин, өмирдиң өткинши емеслигин, мәңгилик ҳәм даўамлы екенлигин ҳәр бир инсанның өмириниң даўамшысы, жалғасы болған перзентлери, жақсы ҳәм саўаплы ислери, жазған китаплары, салған имаратлары ҳәм жаратқан бағлары ҳ.т.б. да умытылмас ҳәм мәңгилик ислери менен атап өтсек болады.

Пикиримизге қарақалпақ әдебияты тарийхында орны гиреўли уллы жазыўшы, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың исми, фамилиясын ҳәм изинде қалған өлмес бай мийрасларын мысал етсек болады. Жазыўшы өзиниң жасап өткен саналы өмириниң алпыс жылдан асламырақ дәўирин ХХ ҳәм ХХI  әсирлердеги қарақалпақ әдебияты менен көркем өнериниң ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажланыўына арнағанлығын халқымыз жақсы биледи.

1955-жылы пединститутты табыслы питкерип шыққан жазыўшы эпикалық жанрдыӊ орта кѳлемли повесть ҳәм кеӊ полотнолы роман жанрларына ѳтпестен алдын кишигирим сюжетлерге қурылған бир неше гүрриӊлерин дѳретеди. Бул гүрриӊлер жазыўшыныӊ прозаға ѳтиў жолында шыӊланыў мектеби, яғный үлкен прозаға ѳтиўде «кѳпир» ўазыйпасын атқарып, 1961-жылы «Блокнот сѳйлейди» китабында басылып шығады.

Т.Қайыпбергеновтыӊ 1950-жылдан 2010-жыллар аралығында 120 дан аслам китаплары, соннан қайта басылыўлар менен қарақалпақ тилинде отыздан артық, ѳзбек тилинде жигирмаға жақын, рус ҳәм басқа тиллерде қырққа шамалас китаплары басылып шықты. Тарийхый ўақыялар менен заманагѳй турмысты сүўретлеген повестлери менен романлары ѳзбек, түрк, қазақ, қырғыз, рус, түркмен, украин, молдаван ҳәм басқа да тиллерде Ташкент, Алмаата, Бишкек, Москва, Таллин ҳ.т.б. қалаларда бир неше мәрте арнаўлы китап болып басылды. Жазыўшыныӊ кѳплеген интервьюлери, шығып сѳйлеўлери, мақалалары Англия, Америка, Франция, Арабстан, Ҳиндстан, Япония ҳәм тағы басқа да мәмлекетлердиӊ баспасѳзлеринде жәрияланды. Бундай кеӊисликте бизиӊ әдебиятымызда Т.Қайыпбергенов ғана ѳз ҳаўазы менен жақыннан таныла алды.

1956-жылы дөретилген «Секретарь» деп аталған дәслепки повести менен 1960-жыллары дөретилген «Соңғы ҳүжим» романы жазыўшының прозаға таслаған қәдеминиң сәтли болғанлығын көрсетти.

Т.Қайыпбергеновтыӊ 1957-жылы басылып шыққан «Муғаллимге рахмет» повести кеӊ жәмийетшиликте үлкен қызығыўшылық оятты. Жазыўшы бул повестиниң идея-тематикасы арқалы прозада бириншилерден болып, өткен әсирдиң 1930-жылларында Қарақалпақстанның ең алыс аўылларының биринде жасларға билим сырларын үйреткен дәслепки муғаллим  Меңлимураттың тымсалында жаңаша пикирлейтуғын жаңа дәўир адамының образын жаратып берди. Жазыўшының бул повести көп өтпей рус, эстон ҳәм басқа тиллерге аўдарылды. Жазыўшы бул повести ушын 1971-жылы Ҳамза атындағы Өзбекстан мәмлекетлик сыйлығын алыўға миясар болды.

1963-1965-жыллары дөретилген жазыўшының еки китаптан ибарат «Қарақалпақ қызы» дилогиясы идеялық-тематикалық ҳәм жанрлық-көркемлик жақтан да, тек ғана Т.Қайыпбергенов дөретиўшилигинде емес, ал улыўма қарақалпақ әдебиятындағы жаңалық болды. Романның кең планлы сюжетинде ХХ әсирдиң дәслепки отыз жылы даўамында қарақалпақ ҳаялы басып өткен жол, бул жолдағы теңсизликлер, ески ҳәм жаңа дүнья арасындағы гүрес, аяўсыз қарама-қарсылықлар тийкарында қәлиплесип барған характерлер ҳәм олардың ҳәрекети хронологиялық бағдарда сүўретленди. Усы роман тийкарында Қарақалпақ мәмлекетлик театрында ҳәм Ташкент қаласындағы Муқимий атындағы театрда  сахналық шығармалар қойылса, «Ѳзбекфильм» студиясы тәрепинен «Қайсар қыз» кинофильми дѳретилди. Автор бул шығармасы ушын 1967-жылы бириншилерден болып Қарақалпақстан Республикасыныӊ Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығыныӊ лауреаты болыўға миясар болды.

Т.Қайыпбергенов 1970-жыллары дөретилген «Маман бий әпсанасы», «Бахытсызлар» ҳәм «Түсиниксизлер» деп аталған үш китапты өз ишине қамтып алған «Қарақалпақ дәстаны» роман-эпопеясы менен қарақалпақ тарийхый романшылығына тийкар салды ҳәм түркий халықлар әдебиятындағы тарийхый романшылықты сөзсиз бир басқыш жоқарыға көтере алды. Сол нәрсе дықкатқа ылайық, шығармаға тийкар етип алынған дәўир ҳақкында, үлкен тарийхый шахслар туўралы анық мағлыўматлар аз, бар болса да көпшилик жағдайда бир-бирине қайшы ҳәм жумбақлы екенлиги сыр емес. Сонлықтан да, жазыўшы өткен дәўир ҳақкында жазғанда тарийхый дәреклерди қум астынан алтын тинткендей етип излеўге ҳәм ең тийкарғысы халық арасындағы аңыз-әпсаналарға, рәўият-гүрриңлерге сүйениўге туўра келеди. Бул роман-эпопеяның пайда болыўы бурынғы аўқам көлеминде үлкен жаңалық сыпатында қабыл етилип, жазыўшы бурынғы аўқам мәмлекетлик сыйлығының лауреаты болыўға миясар болды.

Ҳақыйқатында да, жазыўшы «Маман бий әпсанасы» ҳәм «Қарақалпақ қызы» романларында халқымыздың узақ ҳәм жақын өтмишин сәўлелендирсе, «Муғаллимге раҳмет» повестинде билимниң әҳмийетин түсиниўди, билим алыўға умтылыўды, «Суўық тамшы» (1964) ҳәм «Уйқысыз түнлер» повестлери арқалы ҳәр бир адамның өзиниң күшине исенип жасаўын, арқа сүйеўшиликке берилмеўин, ҳадал мийнет етип нан жеўге умтылыўын, «Қарақалпақнама» шығармасында өзлигимизди аңлаў, халықтың аңыз-әпсаналары менен күнделикли турмыс ўақыяларының, дана ел басшылары менен өзинен алдыңғы әўладлардың ямаса заманласларының баҳалы пикирлериниң әҳмийетин түсинип жасаўға шақырып отырды. «Көздиң қарашығы» (1982) романы, «О дүньядағы атама хатлар» (1992) роман-эсселеринде Арал апатшылығының алдын алыў, жасаған орталықты қорғаў мәселелери қозғалды. Жазыўшының «О дүньядағы атама хатлар» шығармасы дәслеп өзбек тилинде басылып шықты. Соңынан бул шығарманың рус тилине аўдарылып Москва қаласында басып шығарылыўы ҳәм 2004-майда Михаил Шолохов атындағы халықаралық сыйлықты алыўға миясар болыўы қарақалпақ жазыўшысының ҳәм сол арқалы халқымыздың тәғдириниң дүнья жүзилик масштабта танылыўына ҳәм ҳәр қыйлы халықлар менен миллетлердиң ойшыл зиялы ўәкиллери менен ортақласыўына, сондай-ақ, олар менен ҳәмдәрт болыўына себепши болды.

«Қара үйден әлемге жол» шығармасында әпиўайы қарақалпақ аўылларының биринен шықкан жазыўшының өз дөретиўшилик талантын, тынымсыз излениўлерин, мийнеткешлигин, миллий–эпикалық дәстүрлеримизди дүньялық көлемде ең жайдырыўға умтылыўларын көриўимизге болады.

Тѳлепберген Кайыпбергеновтың дөретиўшилигинде публицистика жанры да жетекши орынды ийеледи. Айырым қәлем ийелерин есапқа алмағанда, жазыўшы өз өмириниң соңғы 10-15-жылы ишинде Орайлық Азия жазыўшыларының арасында бурынғы аўқам жазыўшылары съезди ҳәм пленумларында шығып сөйлеген сөзлеринде, мәмлекет көлеминдеги баспасөз бетлеринде ҳәм газета-журналларда, Арал ҳәм экологиялық машқалалар, миллийлигимиз ҳақкында жарқын ҳәм тәсирли мақалалары менен белсене қатнасқан жанкүйер қәлем ийеси болды, десек қәтелеспеймиз.

– Т.Қайыпбергеновтың дөретиўшилиги ҳақкында сөз еткенде, оның қарақалпақ драматургиясы тараўына да қосқан үлесин атап өтиў орынлы,-дейди профессор З.Бекбергенова. – Жазыўшының “Бердақ”, «Айдос баба» сыяқлы пьесалары өзбек, рус, қарақалпақ, қазақ театр сахналарында қойылды. Әлбетте, бул драмалық дөретпелер бурын тарийхый романлар жазған жазыўшының өз қаҳарманларын тарийх сахнасынан театр сахнасына, кең оқыўшылар қәўимине жанлы түрде алып шығыўға кең мүмкиншиликлер жаратып берди.

Жазыўшы көркем дөретиўшилигиниң соңғы жыллары жасы үлкен  қәлем ийеси сыпатында жасларға, кең оқыўшылар қәўимине жазып қалдырған «Қарақалпақнама», «Қарақалпақпан, Тәўекелшимен», «Қәлбимниң қамусы» китапларында халқымыз арасында мың жыллап жасап киятырған даналық пикирлерди, халыктың аңыз-әпсанлары менен өзи көрип, бастан кеширген өмир ҳәдийселерин, мифлерди, тәбият машқалалары менен халықтың жасаў жағдайларын ҳәммесин терең қамтып алған ҳалда жаңаша жанрды, өзгеше стильде пайда етти.

Жазыўшы «Қарақалпақнама» роман-эссеси ушын Махмуд Қашқарий атындағы халықаралық сыйлықты (1995) алыўға миясар болды. Атақлы өзбек жазыўшысы Әдил Якубов бул роман эссениң авторы Т.Қайыпбергеновты Орайлық Азия халықлары арасында биринши эссе жазған талантлы жазыўшы сыпатында жоқары баҳалады.

Әлбетте, көркем дөретиўшиликти өз өмиринен ҳасла бөлек алып қарамаған Т.Қайыпбергеновтың көркем әдебиятымыз бенен мәдениятымыз тараўларына қосқан салмақлы мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, оған  «Ѳзбекстан (1993) ҳәм Қарақалпақстан (1974) халық жазыўшысы», «Дўстлик» (1994) ордени, «Ѳзбекстан қаҳарманы» (2003) ҳүрметли атағы берилди. Халқының атын танытыўға, оның дәрти менен жасаўға ҳәрекет еткен жазыўшыны халқы ҳеш қашан умытпайды.



Илаж көркем өнер ғайраткерлери ҳәм жас атқарыўшылар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги