Нөкис районындағы  «Ҳәсиретли ана»  естелиги  алдында  9-май  «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен  Екинши  жер  жүзилик  урыста  фашизм  үстинен  ерисилген жеңистиң 79 жыллығы байрамы салтанатлы түрде белгиленди.

Илажға район ҳәкими З.Зайтов,  сектор басшылары,  71181-санлы әскерий бөлими хызметкерлери,  нуранийлар,  жаслар  ҳәм бир қатар район белсендилери қатнасты.


Илаж қатнасыўшылары  Екинши жер жүзилик урыста қурбан болғанлардың ҳүрметине гүл шеңберлерин қойып,  олардың урыс дәўириндеги Ўатан алдындағы перзентлик хызметлерин  еске түсирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги