2021-жыл 25-декабрь күни Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева менен Президент сайлаўына халықаралық бақлаўшы сыпатында елимизге келген вице-президент Хайди Хаутала басшылығындағы Европа парламентиниң делегациясы арасында ушырасыў болып өтти.
Европарламент делегациясының ағзалары сайлаў ашық-айдын ҳәм транспарентлик тәризде, сайлаў нызамшылығына муўапық өткенин атап өтти. Атап айтқанда, пуқаралардың сайлаў ҳуқықларының тәмийинленгени, соның ишинде, кексе жастағылар, имканияты шекленген шахслар ҳәм даўыс бериў ўақтында емлеўханада емленип атырғанлар ушын да барлық шараят жаратылғаны айрықша атап өтилди.
Бул ретки сайлаўлар бурынғыларынан пүткиллей парықланады. Сайлаўда халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлерден мыңға шамалас бақлаўшылар даўыс бериў процесин бақлап барды, сондай-ақ, илажды сәўлелендириўде оғада көп ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқаны атап өтилди. Булардың ҳәммеси сайлаў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинледи.
Европа парламенти депутаты Ришард Чарнецкийдиң атап өтиўинше, «Өзбекстан Президенти сайлаўы ашық-айдын ҳәм тәртипли өтти. Мәмлекетте Президент сайлаўын өткериў ҳәм мониторинг етип барыў ушын барлық шараят жаратылған. Еркин даўыс бериў шараятлары толық тәмийинленген. Халықаралық бақлаўшылардың көп екенлиги болса Өзбекстанның бул сиясий илаждың ашық-айдынлығын, демократиялық принциплерге жуўап бериўин тәмийинлеўге болған умтылысын көрсетеди».
Ушырасыўда европалы мийманларға кейинги 5 жылда мәмлекетимизде әмелге асырылған реформалар, соның ишинде, пуқаралық жәмийетиниң тийкарларын беккемлеў, сайлаў нызамшылығын жетилистириў, гендер теңлигин тәмийинлеў бойынша ҳәр-тәреплеме мағлыўмат берилди.
Тәреплер, сондай-ақ, Өзбекстан менен Европарламент арасында парламентлераралық байланысларды ҳәм Европа Аўқамы менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады.
«Бизлер 2016-жылдан кейин Өзбекстанның жәҳәнге бет бурып атырғанын көрип атырмыз. Усындай өзгерислер себепли парламентлераралық байланыслар тереңлеспекте. Биз Өзбекстан парламенти менен жаңа тараўларда бирге ислесиўге таярлық көрмектемиз. Узақ мүддетли бирге ислесиў бойынша Европа парламенти ушын үлкен перспектива есиклери ашылмақта.
Бизлер мәмлекетиңизде реформаларды буннан былай да жетилистириўге жәрдем бериўге таярмыз. Президент сайлаўына тоқталатуғын болсақ, бул ретки Президент сайлаўы кампаниясы жаңа тәртиплерде, жаңаша шараятларда, жаңаланған форматта болып өтти. Даўыс бериў процесин ЕҚБШ, ҒМДА, ШБШ, Жәҳән сайлаў уйымларының шөлкеми ҳәм басқа да структуралардан жүзлеген халықаралық бақлаўшылар бақлап барды. Сайлаўлар ашық-айдын ҳәм демократиялық принциплерге тийкарланған тәризде өтти», деди Хайди Хаутала.
Сөйлесиў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы болған барлық бағдарда бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екени айрықша атап өтилди.
С.РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы