Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайында 25-октябрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Улыўмапарламентлик Ассамблеясының миссиясы ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринен келген бақлаўшылардың қатнасыўында брифинг өткерилди.

Сайлаўлар ҒМДА Бақлаўшылар миссиясының басшысы Сергей Лебедевтиң атап өтиўинше, Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм Сайлаў кодексиниң талапларына толық әмел еткен ҳалда әмелге асырылды. Ол бәсекиге шыдамлы, еркин, ашық-айдын болып, демократиялық сайлаўлардың улыўма тән алынған принциплерине толық жуўап берди.

Өзбекстандағы сайлаўларды бақлаў бойынша усыныс алғанымыздың кейинги күни-ақ, мәмлекетиңиздеги сайлаў процесслерин интернет, ғалаба хабар қураллары арқалы бақлаўды баслағанымызды атап өтиў зәрүр. ҒМДА бақлаўшылар миссиясының ағзалары Өзбекстан Республикасының барлық аймақларында болды.  Сайлаў процесслери тәртипли, халықаралық стандартлар ҳәм нормалар тийкарында өтти, деп айта аламыз. Сайлаў участкалары барлық сайлаў материаллары, талабанлар ҳаққындағы мағлыўматлар, мәлимлеме материаллары менен тәмийинленген. Бул әлбетте, сайлаўшыларға қосымша имканиятлар жаратады.

Быйылғы сайлаўлардың  өткен сайлаўлардан парқын журналистлер көп мәрте сорады.  Ҳәзирги Президент сайлаўы жаңа Сайлаў кодекси тийкарында өткерилди. Сайлаў кодексинде бир қатар өзгерислер болғанының гүўасы болдық. Сайлаўшылар дизиминиң қәлиплестирилиўи және бир әҳмийетли жаңалық болды. Сайлаўшылардың электрон дизими оғада анықлық пенен қәлиплестирилген.

Өткен сайлаўларда тек  Өзбекстанда емес, ал басқа мәмлекетлерде де сайлаў участкаларын анықлаў, дизимнен өтиў сайлаўшыларға оғада қолайсызлықлар келтирип атырған еди. Усы сайлаўларда бул машқалалар сапластырылған. Ҳәр бир сайлаўшы тийисли сайлаў участкасына бириктирилген. Онда техникалық тәреплери де мақтаўға ылайық, делинеди мағлыўматта.

 

Нурилло НАСРИЕВ

ӨзАның хабаршысы