6-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде бир қатар әҳмийетли сиясий илажлар өткерилди.
Соның ишинде, сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов Ватиканның мәмлекетимиздеги Апостол Нунсийи (Елшиси) етип тайынланған (резиденциясы Москва қаласында) архиепископ Жованни Д’Аньеллоны қабыл етти.
Министр елшиниң исеним жарлықларын қабыл етип алар екен, оны жуўапкер лаўазымға тайынланғаны менен қутлықлады. Өзбекстан ҳәм Ватикан арасында түрли миллетлер ҳәм динлердиң ўәкиллери арасындағы дослық және өз-ара қатнасықларды беккемлеўге қаратылған унамлы бирге ислесиў тәжирийбеси топланғаны айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда Ватикан елшисине Өзбекстанда миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў, пуқаралардың диний тараўдағы ҳуқықлары менен еркинликлерин ҳәр тәреплеме қорғаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Соң министр Нидерландия Патшалығының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси етип тайынланған (резиденциясы Москва қаласында жайласқан) Хиллес Арно Бесхор Плухты да қабыл етти.
Абдулазиз Комилов елшиниң кәсиплик тәжирийбеси өз-ара пайдалы тараўларда Өзбекстан ҳәм Нидерландия қатнасықларын және де беккемлеўге хызмет ететуғынына үмит билдирди.
Сөйлесиў ўақтында сиясий сөйлесиўди, соның ишинде, «Өзбекстан – Европа Аўқамы» түриндеги бирге ислесиў шеңберинде қатнасықларды жеделлестириў және парламентлераралық, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық қатнасықларды кеңейтиўден еки тәреп те бирдей мәпдар екени атап өтилди.
Тәреплердиң түрли дәрежедеги конфессиялараралық сөйлесиўди және де беккемлеў ҳәм жеделлестириўге өз-ара таяр екенлиги билдирилди.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы