Сейсмологлар Қытайдың қубла-батысындағы Тибет автоном аймағында жүз берген 6,8 магнитудалы жер силкиниўден кейин 515 жер силкиниўин анықлады, деп хабар бермекте Қытай сейсмология орайы.

– 8-январь жағдайына бола, жәми 515 жер асты силкиниўлери, атап айтқанда магнитудасы 3.0 ден төмен болған 488 жер силкиниўлери, 3.0 ҳәм оннан жоқары баллы 27 жер силкиниўлери анықланған, -делинеди орай хабарында.

Сейсмологлардың атап өтиўинше, 4,4 магнитудалы максимал жер силкиниў тийкарғы силкиниў орайынан шама менен 18 километр узақлықта анықланған.

Мағлыўмат ушын, шийшемби күни жергиликли ўақыт пенен саат 09.05 де Тибет автоном районындағы Тингри басқарыў аймағында 6,8 магнитудалы жер силкиниўи болды.

Соңғы мағлыўматларға бола, апатшылық ақыбетинде жүзден аслам адам қайтыс болған, және 188 адам түрли дәрежедеги дене жарақатларын алған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги