Мәмлекетимизде қолайлы инвестиция орталығын жаратыў, тиккелей инвестицияларды жедел  тартыў, сондай-ақ, тараўда жумыс ислеп атырған жергиликли ҳәм сырт елли инвестор ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын кепиллеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Соның менен бирге, инвестиция жумысын тийкарсыз тексериўлерден қорғаўды кепиллеў, инвесторлардың кепилликлери, ҳуқықлары менен миннетлемелери ҳәм оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў,  сондай-ақ, әмелдеги инвестиция нызамшылығындағы алдынғы халықаралық стандартлар, соның ишинде, Жәҳән саўда шөлкеминиң қағыйдаларына бейимлестириў зәрүрлиги бүгинги күнниң талабы болмақта.

«Инвестициялар ҳәм инвестиция жумысы ҳаққында»ғы нызам усы мақсетте ислеп шығылған.

Сенаттың  Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық қатнасықлар, сырт елли инвестициялар ҳәм туризм мәселелери  комитетиниң мәжилисинде усы нызам дәслепки түрде додаланды.

Бул нызам менен инвестициялар ҳәм инвестиция жумысына байланыслы тийкарғы түсиниклер, бул жумыстың тийкарғы принциплери ҳәм мақсетлери белгиленбекте. Инвестиция жумысының кепилликлери ҳәм оның ҳуқықый жақтан қорғалыўы тәртибине салынбақта.

Атап айтқанда, әдилликли ҳәм тең ҳуқықлы қатнасықта болыў, инвестиция жумысын тийкарсыз тексериўлерден қорғаў, инвестициялаў еркинлиги, ашықлықты тәмийинлеў, бизнести басқарыў еркинлиги ҳәм қаржыларды еркин жумсаўға байланыслы кепилликлер белгиленбекте.

Сондай-ақ,  «тийкарғы инвестиция  жойбары» түсиниги киргизилип, инвестиция көлемине бола киши, орта, ири, стратегиялық инвестиция жойбарларына  нызамға муўапық жеңилликлер бериў нәзерде тутылмақта.

Инвестицияларды хошаметлеў илажлары ҳәм жеңилликлер шеңбери кеңейтилмекте. Сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы кәрханада устав фондының кеминде 15 проценти сырт  ел инвестицияларын қураўы зәрүр екенлиги ҳаққындағы әмелдеги норма 10 процентке түсирилмекте.

Мәжилисте «Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы  арасында  аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы Шәртнаманы (Душанбе, 2024-жыл 18-апрель) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам да  додаланды.

Бул  Шәртнамаға Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң  2024-жыл 18-апрельде Тәжикстан Республикасына мәмлекетлик сапары шеңберинде Душанбе қаласында қол қойылған.

Шәртнама еки мәмлекет арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик  қатнасықларын жаңа – аўқамласлық дәрежесине алып шығыўға қаратылған.

Усы ҳүжжет халықаралық ҳуқық нормаларына әмел еткен ҳалда регионаллық келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў, мәмлекетлик шегараларды демаркациялаў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириў, парламентлер арасында парламент  дипломатиясын раўажландырыў ҳәм өз-ара қатнасықларды беккемлеў сыяқлы бағдарлардағы бирге ислесиўди және де раўажландырыўды нәзерде тутады.

Сондай-ақ, экономикалық, инвестициялық, илим-техника, мәденият, билимлендириў, спорт ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди тереңлестириў, терроризм, экстремизм ҳәм трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди муўапықластырыў да  үлкен әҳмийетке ийе.

Сенаторлар, халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң турақлы комиссияларының ағзалары, қәниге ҳәм экспертлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасқан мәжилистиң жуўмағында комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди.

Норгул Абдураимова, ӨзА