Ҳиндстанның Бхопал қаласында теннис бойынша М25 категориясына кириўши турнир болып өтпекте.

Улыўма сыйлық муғдары 25 000 долларды қураған бул жарыста мәмлекетимиздиң екинши ракеткасы Сергей Фомин де табыслы қатнаспақта. Атап айтқанда, ол жарыстың дәслепки басқышында  турнирдиң 3-номерли теннисшиси, дүнья рейтингинде өзинен 142 орын жоқарыда турған россиялы Богдан Бобровты  6/1, 6/1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, 1/8 финалда болса, украиналы Владислав Орловты 6/4, 6/2 есабында жеңип, шерек финалға жол алды.

Енди ол шерек финалда россиялы Максим Жуков ҳәм япониялы Юта Кавахаши арасындағы ушырасыў жеңимпазы менен ойын өткереди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы