Бас прокуратурада 8-январь – Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен илаж болып өтти.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысының басламалары тийкарында өткен жыллар даўамында әмелге асырылған реформалардың нәтийжесинде прокуратура уйымларының жумысы да түп-тийкарынан өзгерди.
Илажда жақын перспективада прокуратура уйымлары алдында турған тийкарғы ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, прокуратураның ҳәр бир хызметкериниң жүрегиндеги, санасындағы Ўатанға, ел-журтқа ҳәм реформаларға садықлық үлесин беккемлеўге қаратылған жумыслар избе-из даўам еттириледи.
Буннан былай да адамлардың турмыс дәрежесин жоқарылатыў, кәмбағаллықты қысқартыў, қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты қәлиплестириў, экономиканың турақлылығын, азық-аўқат ҳәм энергетиканың қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығы, билимлендириў, медицина, экология, мәденият ҳәм спорт сыяқлы тараўлардағы реформалардың әмелге асыўына үлес қосыў прокурорлардың күнделикли жумысының әҳмийетли бөлеги болып қалады.
Нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў да кескин күшейтиледи. Жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм тергеў жумысын жетилистириў турақлы итибарда болады.
Илажда усы сыяқлы көплеген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў ушын барлық имканиятлар, күш ҳәм қураллар бар екенлиги ҳәм олар жақсы мақсетлер жолында толық жумсалатуғыны айрықша атап өтилди.
Әнжуманда сөзге шыққан тараў ўәкиллери прокуратура уйымларының системасын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, итибар ҳәм ғамқорлық ушын халқымыз ҳәм мәмлекетимизге миннетдаршылық билдирип, ел-журт мәплери жолында садықлық пенен хызмет етиў жоқары садықлық екенин және бир мәрте атап өтти.
Видеоконференбайланыс түринде болып өткен илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Олий Мажлис, Ҳүкимет, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, барлық дәрежедеги прокуратура уйымларының хызмектерлери ҳәм ветеранлар қатнасты.
Норгул АБДУРАИМОВА, ӨзАның хабаршысы