Тохоку университети профессоры Хироши Ёшиданың кейинги есабына бола, туўылыў дәрежеси кескин түсип баратырған күн шығыс елинде 2720-жылға келип, 14 жасқа шекем бир ғана бала қалады. 2023-жылы 1-апрельде жәрияланған алдыңғы есабатта әйне жағдай 2821-жылы бақланыўы шамаланған еди.
Жыллық туўылыў статистикасына тийкарланған бул жуўмақ арнаўлы жаратылған онлайн саат имканиятына сүйенип шығарылған.
Халықтың қартайыўы ҳәм туўылыўдың азайыўы машқаласы Япония ушын жүдә әҳмийетли мәселеге айланған. Илимий-изертлеў институтларының болжаўына бола, 2024-жылы дүньяға келген нәрестелер саны туўылыў статистикасы жүргизилип басланғанлы берли биринши мәрте 700 мыңнан төменледи. Ҳүкимет есабынша, бул жағдай 2038-жылы болыўы керек еди.
Ҳәзир мәмлекет халқының тек 11 процентин 15 жасқа шекемги болғанлар, дерлик 30 процентин болса 65 жастан асқанлар қурайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги