Мәмлекетлик бағдарлама жойбары – додалаўда

296

 “Өзбекстан -2030” стратегиясын “Қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылында әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама ҳәм оны тастыйықлаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманы жойбары ислеп шығылып, кең жәмийетшиликке додалаў ушын жәрияланды.

 Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында 5 тийкарғы бағдар бойынша 2025-жыл ушын әмелий илажлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылмақта.

Бағдарлама жойбары Олий Мажлис Нызамшыллық палатасында қызғын додаланбақта, фракциялар ҳәм комитетлер мәжилислеринде ҳәр тәреплеме көрип шығылмақта. Сиясий партиялар фракциялары ҳәм комитетлер ағзалары усы бағдарламалық ҳүжжеттиң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында өз мүнәсибети ҳәм усынысларын билдирмекте.

-Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында мәмлекетимизди комплексли раўажландырыў бойынша барлық тараў ҳәм бағдарлар бойынша усы жылда әмелге асырылатуғын тийкарғы мақсет-ўазыйпалар белгилеп алынған,-дейди депутат, ӨзЛиДеП фракциясы ағзасы Хушвақт Ҳайитов. – Қалаберди, санластырыў, халықты исбилерменликке кеңнен тартыў, сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж қатламды қоллап-қуўатлаў, бундай шақарақлардағы перзентлердиң билим алыўы, мәлимлеме технологияларын өзлестириўи ушын шараятлар жаратыў, соның менен бир қатарда, оларға келешекте мәмлекетлик грант тийкарында квоталар ажыратыў мәселелери өз көринисин тапқаны итибарға ылайық. Буннан тысқары, жасыллықты кеңейтиў, “жасыл экономиканы”ны раўажландырыўға қаратылған кең көлемли ўазыйпалар нәзерде тутылып атырғаны айрықша әҳмийетке ийе. Жойбардағы илажлар мәмлекетимиздиң раўажланыўына, турмысымызды және де жақсылаўға хызмет етеди.

Ҳақыйқатында да, 2025-жылғы мәмлекетлик бағдарлама жойбарында нәзерде тутылып атырған барлық бағдардағы мақсет-ўазыйпалар ертенги күнимизди және де абат етиўде, елимиздиң раўажланыўын жоқары басқышқа көтериўде әҳмийетли орын тутады. Ҳүжжет жойбары кең жәмийетшиликтиң додалаўы даўамында және де халықшыл ҳәм турмыслық ҳүжжетке айланатуғынына гүман жоқ.

 

ӨзА