Транспорт министрлиги жолаўшы тасыў тараўында жумыс көрсетип атырған тасыўшыларды Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Россия ҳәм Қытайға автобус қатнаўларын шөлкемлестириўде бирге  ислесиўге шақырды.

Атап өтилиўинше, халықаралық тасыўларда автобус қатнаўларының үлесин арттырыў, жолаўшы тасыў жумысын және де раўажландырыў мақсетинде республиканың түрли  аймақларынан төмендеги халықаралық жөнелислерде автобус қатнаўларын шөлкемлестириў режелестирилмекте.

Қазақстанға

«Бухара – Түркстан»;

«Үргенш – Ақтаў»;

«Ферғана – Алматы» (Тәжикстан арқалы).

Тәжикстанға

«Самарқанд- Душанбе»;

«Бухара – Душанбе».

Қырғызстанға

«Әндижан – Ош»;

«Әндижан – Жалалабад»;

«Әндижан – Арсланбоб»;

«Касансой – Жалалабад»;

«Бухара – Бишкек».

Россияға

«Сурхандәрья – Бухара – Үргенш – Нөкис – Москва»,

«Үргенш – Нөкис – Уфа»,

«Нөкис – Краснодар»

«Ташкент – Уфа»

«Ташкент – Краснодар».

Қытай Халық Республикасына

«Нөкис – Үргенш – Бухара –Урумчи».

Хабарда турақлы халықаралық жөнелислерде автобус тасыўларын әмелге асырыў тилегиндеги тасыўшылар жоқарыда көрсетилген жөнелислерде паритет қатнаўларды әмелге  асырыў тилегиндеги сырт елли  тасыўшыларды тартқан ҳалда  Транспорт министрлигине мүрәжат етиўи мүмкин екенлиги атап өтилген.

Сондай-ақ, басқа турақлы халықаралық тасыўшылар менен паритет тийкарында  ислесиўге келискен ҳалда , министрликке усынысларын киргизиўи мүмкин екенлиги мәлим етилди.

Ш.Маматуропова, ӨзА