Ҳүкимет қарары менен «Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў тәртиби ҳаққында»ғы реже тастыйықланды.

Реже аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден (сондай-ақ, жайлаўлардан) ақылға уғрас пайдаланыў тәртибин белгилейди.

Ол төмендегилерди нәзерде тутады:

— топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыў, алмаслап егиўди суўдан пайдаланыў дереклерин есапқа алған ҳалда шөлкемлестириў арқалы аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў;

— топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыў, суўдан пайдаланыў дереклерин есапқа алған ҳалда жайлаўлардың алмасыўын жолға қойыў арқалы жайлаўлардан ақылға уғрас пайдаланыў;

— аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў жағдайын баҳалаў ҳәм оның нәтийжеси бойынша жуўмақты қәлиплестириў.

Жайлаўлардан ақылға уғрас пайдаланыў төмендеги илажларды өз ишине алады:

— жайлаўлардың алмасыўын ҳәм суўдан пайдаланыў дереклерин есапқа алған ҳалда жайлаўлардан пайдаланыў;

— жайлаўларда шарўа малларын отлатыўда ең көп жол қойылатуғын пайдаланыў нормаларын белгилеў, жайлаўлардың алмасыўын тәмийинлеў ҳәм жүргизиў тәртиби ҳаққындағы режеге муўапық улыўма жайлаў майданы бойынша анықланған ең көп жол қойылатуғын пайдаланыў нормасын тәмийинлеў;

— жайлаўлардың алмасыўы режесине муўапық жайлаўлардан пайдаланыў;

— жайлаўлардаң аўыл хожалығында пайдаланыўдан шығып кетиўиниң алдын алыў бойынша илажларды әмелге асырыў, сондай-ақ, жерлерди жабайы шөплер ҳәм пута сыяқлы тереклер қаплаўына ҳәм турмыслық ҳәм өндирислик шығындылары менен патасланыўына жол қоймаў.

 

ӨзА