Интернет жәҳән тармағындағы диний экстремизм, терроризм ҳәм ҳәр қыйлы догматизм идеяларына ийе деп табылған ҳәм Өзбекстан Республикасының аймағына алып кириў, таярлаў, сақлаў, тарқатыў ҳәм көрсетилиўи қадаған етилген дерек ҳәм материаллар дизими жәрияланды. Бул ҳаққында Жоқары суд мағлыўмат берди.
2025-жыл 8-январь жағдайына бола, дизимге 1 мың 389 түрли профиль, канал ҳәм материаллар киргизилген. Сондай-ақ:
Facebook социаллық тармағында 203 профиль ҳәм материаллар;
Telegram мессенджеринде 713 канал, топар ҳәм материаллар;
Instagram социаллық тармағында 226 профильлер ҳәм басқалар бар.
«Қәдирли ата-аналар ҳәм жаслар! Диний догматизм, экстремизм ҳәм терроризм дузағына түсип қалыўдан турақлы сақланың. Олар өмириңиз ҳәм әрманларыңызды жоқ етиўге ҳеш қашан жол қоймаң», делинеди Жоқары суд мәлимлеме хызмети хабарында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги