Ҳүкимет қарары менен «Туристлик кластерлерди шөлкемлестириў ҳәм оларға туристлик кластер статусын бериў тәртиби ҳаққында»ғы реже тастыйықланды.
Оған бола, туристлик кластер статусы комплексли туристлик хызметлер ҳәм туристтиң сондай-ақ, экскурсанттың талапларын қанаатландырыў ушын зәрүр болған басқа қосымша хызметлер көрсететуғын жеке шөлкемлер ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер комплексине бериледи.
Туристлик кластерлер белгиленген тәртипте туристлик кластер статусы ҳаққындағы гүўалығын алған ўақыттан баслап шөлкемлестирилген есапланады.
Туризм комитети туристлик кластер статусын бериў бойынша ўәкилликли уйым есапланады.
Онда, арза бериўши электрон көринисте яки почта арқалы белгиленген үлгидеги арза менен ўәкилликли уйымға мүрәжат етеди.
Туристлик кластерлерди шөлкемлестириў ҳәм туристлик кластер статусын алыў ушын исбилерменлик субъектлери төмендеги талапларға жуўап бериўи керек, атап айтқанда:
— туристлик кластер жумысы туроператор – мийманхана – транспорт – хызметлерин көрсетиў менен толық қамтып алынғаны;
— туристлик кластер аймағында сыйымлығы кеминде 40 мийман ушын мөлшерленген жайластырыў қуралының бар екени;
— туристлик кластер аймағында жергиликли өнерментшилик өнимлерин (естелик саўғалары) сатыў шақапшалары (кеминде бир саўда орны) бар екени.
ӨзА