Усы жыл 23-сентябрь күни Төрткүл районындағы «Пахтабад» аўыл пуқаралар жыйынында “Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық” сүрени астында ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығына бағышланған «Үш әўлад ушырасыўы» атамасындағы ушырасыў кешеси өткерилди.
Илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Қ.Камалов, Туркменстан Республикасының елшиси Язгулы Мамедов, Төрткүл районы ҳәкими Р.Шамуратов ҳәм республикамыздың барлық район ҳәм қалаларынан келген кекселер, Өзбекстан Қаҳарманлары, мийнет ветеранлары, студент- жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илаж даўамында Президентимиздиң тийисли пәрманына муўапық, Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлесин қосып киятырған бир топар ветеранлар, тараў ҳәм тармақ ўәкиллерине Өзбекстан Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы естелик белгилери тапсырылды.
Қарақалпақтан хабар агентлиги