Президент пәрманы менен исбилерменлер ушын теңдей шараятлар ҳәм әдил бәсеки орталығын тәмийинлеў бойынша гезектеги илажлар белгиленеди.

Президент Шавкат Мирзиёев өткен айдың 20-сәнесинде мәмлекетимиздеги белсенди исбилерменлер менен ушырасқан еди.

«Исбилерменликти раўажландырыў – биз ушын стратегиялық ўазыйпа. Бизиң сүйенишимиз де, таянышымыз да, ең үлкен күшимиз де усы тараўда жәмленген. Соның ушын исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў орайдан баслап ең төменги буўынға шекем – барлық басшылардың күнделикли жумысы болыўы шәрт. Әсиресе, орынларда ҳәкимлер ҳәр бир исбилермен менен көбирек сөйлесип, кәрханаларға барып, олардың дәрти менен жасаўы керек» деген еди мәмлекет жетекшиси өзиниң шығып сөйлеген сөзинде.

Ушырасыў соңында мәмлекетимиз басшысы исбилерменлердиң жойбар ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин атап өткен еди.

Арадан жети күн өтип, «Исбилерменлер ушын теңдей шараятлар ҳәм әдил бәсеки орталығын тәмийинлеў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди. Пәрманға бола, қосымша қун салығы ҳәм пайда салығы ставкалары 2028-жыл 1-январьға шекем арттырылмайтуғыны белгиленди.

2025-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекем тигиў-трикотаж, аяқ кийим ҳәм тери-галантерея санааты бағдарларында өндирис жумысын алып барып атырған ҳәм белгиленген шәртлерге жуўап беретуғын исбилерменлер ушын пайда салығы ҳәм өзлериниң хызметкерлери ушын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының ставкалары 1 процент етип белгиленди. Бул төмендеги барлық шәртлерге бир ўақыттың өзинде жуўап беретуғын исбилерменлик субъектлерине әмел етеди:

– жәми хызметкерлер санының кеминде 15 проценти Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ямаса Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардың ағзаларынан дүзилгенде;

– ҳәр айда ҳәр бир хызметкерге мийнет ҳақы муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының еки есесинен аз болмаған муғдарда есапланғанда;

– салық дәўиринде тигиў-трикотаж, аяқ кийим ямаса тери-галантерея өнимлерин реализациялаўдан түскен улыўмалық түсим жәми товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан алынған дәраматтың кеминде 90 процентин қурағанда.

2025-жыл 1-апрельден дәраматына қарамастан, фармацевтика өнимлериниң саўдасы менен шуғылланатуғын ямаса медициналық хызмет көрсетиўши юридикалық тәреплер ҚҚСны төлеўшилер деп атап өтиледи.   Онда реализацияланған товарлар (хызметлер) бойынша берилген онлайн қадағалаў-касса техникасы ямаса виртуал касса чеклери, рәсмийлестирилген электрон есап бет-фактуралар ҳәм басқа сыртқы ҳәм ишки мағлыўматлар тийкарында салық уйымлары тәрепинен қосымша қун салығы бойынша есап бетлер автомат түрде қәлиплестирип барылады.

Исбилерменлерге сыртқы қаржы базарларына шығыўға жәрдемлесиў орайы шөлкемлестириледи.

Орай ҳәр жылы кеминде 100 исбилерменге халықаралық қаржы институтлары, сырт ел қаржы шөлкемлери ҳәм басқа да кредит шөлкемлеринен мәмлекет кепилисиз қаржылар тартыў бойынша консалтинг хызметлер көрсетеди.

2025-жылы айланыс қаржыларын толтырыўға ажыратылатуғын кредитлер ушын «Саўданы раўажландырыў компаниясы» АЖға (Компания) 100 миллион АҚШ доллары муғдарында қосымша қаржы ажыратылады.

2025-жыл 1-январьдан аўыл хожалығы өнимлерин калибровкалаў ҳәм арнаўлы ыдысларда қадақлаў жойбарлары ҳәм айланыс қаржыларын толтырыў ушын Компания ресурслары есабынан миллий валютада револьвер кредитлер ажыратылады.

2025-жыл 1-январьдан бажыхана шегарасынан алып шығылатуғын ҳәр бир килограмм ийирилген жип ушын жыйым оның экспорт баҳасынан 2 процентлик муғдарда, бирақ 0,05 АҚШ долларынан көп болмаған муғдарда орнатылады. Бажыхана шегарасынан алып шығылатуғын ҳәр бир килограмм трикотаж гезлеме ушын ушын жыйым оның экспорт баҳасынан 1 процент муғдарда орнатылады.

Пәрманға бола, Бас министрдиң орынбасарлары, республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, Бизнес-омбудсман, Саўда-санаат палатасы ҳәм мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған коммерциялық банклердиң басшылары ҳәр айда график тийкарында мәҳәллелерге шыққан ҳалда ҳәм тематикалық қатнас тийкарында исбилерменлик субъектлери менен ушырасыўлар шөлкемлестиреди, исбилерменлик жумысында пайда болып атырған мәселелер бойынша «жол карталары»н тастыйықлайды ҳәм машқалалар оперативлик пенен шешилиўин тәмийинлейди.

Ушырасыўларда көтерилген мүрәжатлар «Исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў» электрон платформасына киргизиледи, ўәкилликли уйымлар тәрепинен орнатылған тәртипте көрип шығылады. Бизнес-омбудсман платформаға киргизилген мүрәжатлерди көрип шығыў тәртиби ҳәм мүддетине әмел етиў үстинен қадағалаў орнатады ҳәм нызам бузылыў жағдайлары бойынша тийисли тәсир илажларын қолланады.

ӨзА