Бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисте дәслеп «Донарлық ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбарында «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» көкирек белгиси менен сыйлықланғанларға олар ушын қолайлы болған ўақытта ҳәр жылғы мийнет дем алысына шығыў, қалалық жәмийетлик транспорттың барлық түрлеринен (жөнелисли ҳәм жөнелиссиз таксилерден тысқары) бийпул пайдаланыў, санатория-курортларда емлениў ушын жолламаларды гезексиз алыў ҳуқықын бериў мәселелери нәзерде тутылмақта.

Фракция ағзалары жойбар ҳаққында пикир билдирер екен, оның қабыл етилиўи медицина саласында қан резервлери ҳәм бийғәрез донорлар санының артыўына, бул өз гезегинде, тараўдың раўажланыўына хызмет ететуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, мәжилисте  пуқаралар жыйынлары баслықларын сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртибин буннан былай да жетилистириў, босап қалған орынларға сайланған пуқаралар жыйынлары баслықлары жумысының кепилликлерин беккемлеўге қаратылған нызам жойбары биринши оқылыўда көрип шығылды.

Бир топар депутатлар тәрепинен ислеп шығылған бул жойбар менен пуқаралар жыйыны баслығы ўәкилликлериниң мүддетин үш жылдан бес жылға өзгертиў, сондай-ақ, пуқаралар жыйыны баслығы ўәкилликлерин мүддетинен бурын тоқтатылған жағдайда босап қалған орынларға сайлаў өткериў арқалы сайланған жаңа пуқаралар жыйыны баслығының да ўәкиллик мүддетин бес жыл етип белгилеў усыныс етилмекте.

Нызам жойбары бойынша фракция ағзалары бир қатар пикир-усыныслар билдирип, оны мақуллады.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА