Төрткүл районындағы Музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине  33 жыл ҳәм «14-январь –Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Илажды район ҳәкиминиң орынбасары У.Аллабергенов кирис сөз бенен ашты ҳәм миллий армиямыздың күш-қүдирети ҳаққында сөз етип, бәршени байрам менен қутлықлады. Буннан соң Қорғаныў ислери бөлими баслығы ўазыйпасын атқарыўшы С.Мингбаев,  Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы Ж.Сеттиев, «Нураний» қорының районлық бөлими баслығы  Ю.Ходжаниязов ҳәм  райондағы Әбиў Әлий Ибн Сина атындағы жәмийетлик саламатлық  техникумы студенти С.Рейимбаевлар сөзге шығып, елимизде тынышлықты сақлаў, Ўатанды қорғаў, халқымыздың абадан турмыс кешириўинде өзлериниң билим ҳәм күш ғайратын жумсап  атырған Ўатан қорғаўшыларын   байрам менен қутлықлады.

Буннан соң Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия ҳәм Айрықша жағдайлар   басқармасы районлық бөлимлериниң бир қатар хызметкерлери ҳәм спорт жарысларында табысларды қолға киргизген жаслар район ҳәкиминиң «Ҳүрмет жарлық» лары менен сыйлықланды.

Байрам илажы районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдаламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.