Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў тараўында бирден-бир сиясатты сиясатты ислеп шығыў ҳәм оның орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен өткен 2024-жылы бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, комитетке физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 945 мүрәжат келип түсип, соның 564и унамлы шешилген болса, 281 мүрәжат ийесине нызам тийкарында түсиник берилди. 28 мүрәжат тийислилиги бойынша арнаўлы шөлкемлерге жиберилип, 58 мүрәжат бойынша үйрениў ислери жүргизилмекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 8-февральдағы  «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм усы бағдарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң бирге ислесиўин нәтийжели шөлкемлестириўди тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарын орынлаў бойынша комитет тәрепинен 51 түрдеги халық тутыныў товарларының сапасы ҳәм қәўипсизлик көрсеткишлери бойынша қадағалаў тәртибиндеги сатып алыўлар өткерилип, лабороторияға жиберилгенде, базыбир кондитер өнимлери белгиленген талапларға жуўап бермейтуғыны анықланды. Соның менен бирге, 36 мәрте өткерилген үйрениўлерде сатыўшылар тәрепинен тутыныўшылардан 560. 312,2 мың сум артықша ақша алынғаны анықланып, 339. 760,2 мың сум бюджетке өндирилди ҳәм 205. 507,3 мың сум тутыныўшыларға қайтарылды. Ал, 15. 044, 7 мың сумды өндириў илажлары көрилмекте.

Бүгинги күни халқымызды сапалы дәри өнимлери ҳәм медициналық буйымлар тәмийинлеў де әҳмийетли ўазыйпа болып келмекте. Усы тараўда жәмийетшилик қадағалаўын алып барыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң денсаўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери менен «Медицинадағы реформалар-инсан қәдири ушын» атамасындағы ашық пикирлесиў шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Fairtech бирден-бир мәлимлеме системасы арқалы халықтың мүрәжатлары көрип шығылды. Атап айтқанда, усы мүрәжатлар тийкарында 59 дәриханада тексериўлер өткерилип, бир қатарларына ҳәкимшилик баянламалар дүзилип, Жынаят ислери бойынша судларға жиберилди. Суд тәрепинен 19 хожалық жүргизиўши субъектлердиң лаўазымлы шахсларына базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен 20 есесине шекем ҳәкимшилик жәриймалар қолланылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 31-августтағы 428-санлы «Сыртқы реклама ҳәм социаллық информацияның айланысы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўды және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамыз бойынша хатлаў жумыслары жүргизилип, буның нәтийжесинде, 372 реклама қураллары барлығы анықланды. Комитет хызметкерлери тәрепинен 2550 ҳәр түрдеги реклама материаллары үйренилгенде, 424, соның ишинде, 365 сыртқы, 59 интернет тармағындағы рекламаларда бир қатар кемшиликлер анықланып, бул кемшиликлерди сапластырыў бойынша түсиник жумыслары жүргизилди ҳәм олар толық сапластырылды. Усы анықланған кемшиликлер тийкарында комитет тәрепинен 14 ис қозғатылып, 6 жағдай бойынша 118,6 млн сумлық финанслық жәриймалар қолланылды ҳәм 45,3 млн сумды өндирилди. 5 исти көрип шығыў өндиристен қысқартылды.

Усылар менен бир қатарда, комитет тәрепинен 2024-жыл даўамында 36 товар (ис, хызметлер) базарында үйрениў ҳәм талқылаў жумыслары да алып барылды.

Өткерилген таллаў нәтийжелерине тийкар, республикадағы май ислеп шығарыў ҳәм сатыў хызметлери бойынша шахслар топары ҳәм хожалық жүргизиўши субъект сыпатында ислеп турған 2 май ислеп шығарыў кәрханасын мәмлекетлик реестринен шығарыў бойынша комитетке усыныс жиберилди.

Сондай-ақ, 39 сатыўшы кəрханалар тəрепинен 13 түрдеги жоқары ликвидли өнимлерди биржа саўдаларына қойылыўы ҳəм сатылыўы бойынша күнлик қадағалаў орнатылып, мониторинг жумыслары алып барылды.

Комитет тәрепинен өткерилген мониторинг ҳəм таллаўлар нəтийжесинде, 10 кəрханада биржа саўдасы қағыйдалары ҳəм «Бəсекилик ҳаққында»ғы нызам талапларының бузылғанлығы анықланып, белгиленген тəртипте ис қозғатылды. Соннан 4 кəрханада 1 332,4 млн.сум артықша алынған дəрамат анықланып, 5 кəрханаға 4 659,9 млн.сум финанслық жәриймалар қолланылыўы бойынша арнаўлы комиссия тəрепинен орынланыўы тийис болған көрсетпелер берилди. Есабат дəўиринде анықланған артықша дəраматлардан 1004,6 млн.сумы комитеттиң арнаўлы қорына өндирилди.

2025-жыл мәмлекетимизде “Қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы” деп жәрияланды.

-Жаңа жылда бизнес ушын және де кең имканиятлар жаратылады. Жеке мүлкке қол қатылмаслықты тәмийинлеў, сырт ел инвестицияларын жедел  тартыў жумысларын қатаң даўам еттиремиз. Социаллық тараўлар, мийнет ҳақы, пенсия ҳәм стипендиялар, напақалардың муғдарын арттырыў итибарымыз орайында болады. Перзентлеримиздиң заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер ийелери, бәркамал болып тәрбия алыўы ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз. Илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларына итибар және де күшейтиледи. Ҳүрметли нуранийларымыз, ҳаял-қызлар ҳәм жасларға ғамқорлық етиў, социаллық қорғаўдың нәтийжелилигин арттырыў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады, -деген еди Президентимиз Ш.Мирзиёев өзиниң халқымызға жоллаған жаңа жыл қутлықлаўында.

Елимиз басшысының жоқарыда билдирген пикирлерин қоллап-қуўатлаған ҳалда, Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети хызметкерлери де өзлерине жүклетилген ўазыйпаларды инабат пенен атқарып, «Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын!» деген уллы мақсетти асырыў ушын аянбастан хызмет ете береди.

Д.Давлетов,

Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитетиниң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги