Тунисте қылышласыў спортының сабля түри бойынша өткерилген Гран-при турнири өз жуўмағына жетти.

Бул жарыста қатнасқан сайланды командамыз қурамында ең жақсы орынды Зайнаб Дайыбекова  ийелеўге миясар болды. Атап айтқанда, ол жарыстың дәслепки басқышында Олимпиада ойынларының еки мәрте гүмис медалы ийеси франциялы Сара Балсерди жеңип шығыўға еристи. Тилекке қарсы, Зайнаб шерек финалда басқа бир француз спортшысы Сара Нучаға жеңилип қалды.

Ал, Гүлистан Пердебаева ҳәм Фернанда Эррера арасындағы 1/32 финал ушырасыўында болса, Эррераға әўмет күлип бақты. Буннан кейинги басқышта Фернанда усы жарыстың болажақ жеңимпазы япониялы Мисаки Эмурага 14:15 жеңилип қалды.

Жигитлеримиз арасында Исламбек Абдазов да 1/8 финалда өз жүрисин тоқтатыўға мәжбүр болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы