Саудия Арабстанының «Ан-Наҳор» (annahar.com) басылымында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Халықаралық мәлимлеме редакциясы жетекши редакторы Муҳаррама Пирматованың «Тақыя – өзбек миллий мәдениятының ажыралмас бөлеги» атамасындағы мақаласы жәрияланды.
Автор дәслеп миллий кийим-кеншеклеримиз ҳәм кийиниў мәдениятымыз айнасы болған өзбектиң тийкарғы бас кийими – тақыяны тигиў ҳәм безеў халық әмелий көркем өнериниң кең тарқалған түри екенине итибар берген.
– Бурын бас кийим еркеклер ҳәм ҳаял-қызлар ушын бирдей әҳмийетке ийе болған, безеги болса тақыя ийесиниң жәмийеттеги социаллық жағдайын билдирген,-деп жазады басылым. – Бул бас кийим әзелден парсы ҳәм түркий халықлар арасында кеңнен тарқалған. Басқа халықлардикинен өзине тән шақлы ҳәм нағысына бола өзгешеленетуғын өзбек тақыялары, тийкарынан шайыдан жылтыр жип пенен тигиледи. Үш бөлим – айланба ямаса төрт мүйеш жоқары бөлеги, қызақ-гәрдиш ҳәм жийектен ибарат. Республика аймақларында ҳәр қыйлы форма, безеў модаға кирген.
Мақалада тақыяны көбирек ҳаял-қызлар тигетуғыны, айырым ер адамлар да усы жумыс пенен шуғылланатуғыны, өнерментлеримиз миллий бас кийимимизди безеўде көркем белгилердиң үйлесимлигин тәмийинлеўге де айрықша итибар қарататуғыны атап өтилген.
Улыўма, сырт ел басылымлары арқалы өзбек мәденияты ҳәм миллийлигимизди дүнья бойлап үгит-нәсиятлаўға қаратылған бундай материаллар, басқа тәрептен, оқыўшыларға мәмлекетимиз өнерментлери имканияты ҳаққында да белгили мағлыўматлар береди ҳәм тиккелей туризм тараўының раўажланыўына да хызмет етеди.
ӨзА