Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммед Ол Наҳаянның мирәт етиўине бола 13-январь күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.
Сапардың бағдарламасына муўапық, Әмирликлер пайтахты Абу-Даби қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, сондай-ақ, БАӘниң жетекши шөлкемлери, компания ҳәм банклериниң басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар болып өтеди.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы Дубай қаласына барып, Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмири Шайх Муҳаммед Ол Мактум менен ушырасыў өткереди.
ӨзА