2025-жыл «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы»

2025-жыл «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы» деп жәрияланды. Быйыл тәбиятты қорғаў бағдарындағы нызамларды жетилистириў ҳәм әмелий жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылады. Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң атап өткениндей, «Жылды усы бағдарға бағышлап, нызамларды талқылап, жумысларды қәлиплестирип аламыз. Ҳәр бир қарар, ҳәр бир пәрманды жасыллыққа алып барсақ, жақсы болады».

Тәбиятқа зыян келтиретуғын жумыслар тек ғана экологиялық системаның тең салмақлылығын бузып қоймастан, ал инсанлардың өмири ҳәм денсаўлығына да унамсыз тәсир көрсетеди. Сол себепли, бул бағдарда ҳуқықый жуўапкершиликтиң түрлерин белгилеў ҳәм оларды нәтийжели қолланыў оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Экологиялық ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў бойынша нызам талапларының орынланыўын тәмийинлеўдиң тийкарғы усылларынан бири есапланады. Ҳәзирги ўақытта экология тараўындағы нызамшылық нормаларын бузғанлық ушын төмендеги жуўапкершилик түрлери белгиленген: мүлклик жуўапкершилик; интизамый жуўапкершилик; ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳәм жынайый жуўапкершилик.

Мүлклик (пуқаралық-ҳуқықый) жуўапкершилик қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыўды тәмийинлеўши ҳуқықый норма ҳәм қағыйдаларды бузыў жағдайларында жүзеге келеди. Өзбекстан Республикасының «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы нызамына муўапық, кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң қоршаған тәбийий орталыққа, инсан саламатлығына ҳәм адамлардың мүлкине, халық хожалығына жеткерилген зыянды қаплаўда қәрежетли болыўында айыплы болған лаўазымлы шахслар ҳәм басқа да хызметкерлер Өзбекстан Республикасы нызамшылығына муўапық материаллық жуўапкер болады.

Пуқаралық-ҳуқықый жуўапкершиликтиң өзине тән тәрепи сонда, ол ҳуқықбузарға интизамый, ҳәкимшилик ҳәм жынайый тәсир шаралары менен биргеликте қолланылыўы мүмкин, яғный жәмлескен ҳалда. Экология талапларын бузғанлықта айыпланыўшылардың ҳәкимшилик ямаса жынайый жуўапкершиликке тартылыўы оларды қоршаған тәбийий орталыққа жеткерилген зыянды қаплаў миннетлемесинен азат етпейди.

Бул түрдеги жуўапкершиликтиң тийкарғы мақсети – экологиялық ҳуқықбузарлық себепли келтирилген зыянды қаплаў болып есапланады.

Интизамый жуўапкершиликтиң өзине тән өзгешелиги сонда, ол тек ғана қоршаған орталыққа емес, ал ишки мийнет тәртип-қағыйдаларына да тийисли. Жынаят ҳәм ҳәкимшилик нызамшылықтан өзгеше  түрде, экологиялық интизамый ҳуқықбузарлықлар ушын системалы дизим жоқ. Интизамый жуўапкершилик хызметкер өзиниң мийнет ўазыйпаларын қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыўға тийисли интизам ҳаққындағы уставлар яки режелерде нәзерде тутылған миннетлемелерди орынламаған ямаса зәрүр дәрежеде орынламағанында, экологиялық нызамшылық талапларын бузғанында келип шығыўы мүмкин. Интизамый жуўапкершиликтиң зәрүр шәрти сонда, хызметкердиң экологиялық миннетлемелери мийнет шәртнамасында ҳәм мийнет уставында көрсетилиўи керек.

 Экологиялық ҳуқықбузарлық ислеген хызметкерлерге Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексиниң 312-статьясына муўапық, жумыс бериўши хызметкерге сөгис, орташа айлық мийнет ҳақының отыз процентинен көп болмаған муғдарда жәрийма ямаса мийнет шәртнамасын бийкар етиў сыяқлы интизамый жаза шараларын қолланыўға ҳақылы.

Ҳуқықый тийкарлар бар болған жағдайда, интизамый жаза шараларын қолланыў айыпкер хызметкерге қосымша түрде және де қаттаңырақ жуўапкершилик түрлерин – ҳәкимшилик, жынайый ямаса пуқаралық-ҳуқықый жуўапкершиликти қолланыў имканиятын бийкарламайды.

Экологияға зыян келтиретуғын ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиўде ҳәкимшилик жуўапкершилик әҳмийетли орын ийелейди. Ҳәкимшилик жуўапкершиликтиң мәниси соннан ибарат, мәмлекеттиң  ўәкилликли уйымлары айыпкер шахсқа қарата ҳәкимшилик жаза шараларын қолланады. Экология тараўындағы ҳуқықбузарлық өз өзгешелигине бола  жынайый жуўапкершиликке тартыўға себеп болмаған жағдайда, ҳәкимшилик жуўапкершилик әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң (Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс) 8-бабында 65-96-статьялар аралығында 42 қурамдағы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ушын жуўапкершилик нәзерде тутылған.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ушын пуқаралар ҳәм лаўазымлы шахсларға жәриймалар белгиленген.

Улыўма тәрийипленген қағыйда соннан ибарат, жынайый жуўапкершилик нызам шығарыўшының «соңғы шара»сын көрсетеди. Ол тек ғана жәмийетлик тәртипке салыўдың басқа шаралары, соның ишинде ҳуқықый жуўапкершилик унамлы нәтийже бермесе ямаса бере алмаса, атап айтқанда, пуқаралардың белгили бир тараўда нызамлы минез-қулқын тәмийинлей алмаған жағдайларда ғана қолланылады.

Әмелдеги Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң XIV бабы «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы жынаятлар» деп аталады. Экология тараўындағы жынаятлар нызам шығарыўшы тәрепинен 2 топарға бөлинген: қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы жынаятлар (ЖК 193-196-статьялар) ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы жынаятлар (ЖК 197-204-статьялар).

Экологияға зыян келтиргенлик ушын ҳуқықый жуўапкершиликтиң түрлери жоқарыда атап өтилген низамлардан тысқары тараўларға бөлинген ҳалда арнаўлы нызамларда да бар екенлигин көриў мүмкин, мәселен: Өзбекстан Республикасының «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы нызамының 50-статьясында, «Тоғай ҳаққында»ғы нызамның 42-статьясында, Жер кодексиниң 90-статьясында, «Ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамның 53-статьясында, «Өсимлик дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында» ғы нызамның 51-статьясында ҳәм т.б.

Экология тараўындағы ҳәр бир нызамның тийкарғы мақсети – қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый  ресурслардан нызам шеңберинде пайдаланыўды тәртипке салыў ҳәм экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўден ибарат. Экология тараўындағы нызамларды бузғанлық ушын жуўапкершиликти белгилеўде экологиялық-ҳуқықый нормаларды есапқа алыў үлкен әҳмийетке ийе.

Экология тараўындағы нызамшылықты бузғаны ушын жуўапкершилик ҳуқықбузарлық ҳәм жынаят деп бөлинеди. Ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик ямаса интизамый жуўапкершиликти келтирип шығарса, жынаят болса жынайый жуўапкершиликти талап етеди. Буннан тысқары, пуқаралық-ҳуқықый характердеги жуўапкершилик айыплы шахсқа ҳәкимшилик, интизамый ямаса жынайый жуўапкершилик пенен биргеликте қолланылыўы мүмкин. Әҳмийетлиси, экологиялық талапларды бузған шахслардың ҳәкимшилик яки жынайый жуўапкершиликке тартылыўы оларды тәбийғый орталыққа жеткерилген зыянды қаплаў миннетлемесинен азат етпейди.

  1. C. УТЕМУРАТОВА

                                                     Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының  депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги