Төрткүл районындағы қәнигелестирилген мектепте Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылар күни мүнәсибети менен жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясиниң жети баслы бағдарларынан келип шығып, «Үш әўлад» ушырасыўы болып өтти.
Илажға депутатлар, районлық қорғаныў бөлими хызметкерлери, нураныйлар, әскерлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ж.Сеттиев, районлық қорғаныў бөлиминиң баслығы ўазыйпасын атқарыўшы майор С. Мингбаев, қатардағы әскер Ў. Эшниёзов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм соңғы жыллары Қураллы күшлеримизди реформалаў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм маман кадрлар менен тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумысларға жоқары баҳа берди. Соның менен бирге, оқыўшы жасларымыздың әскерий оқыў орынларында оқып билим алыўы ушын оларға жаратылып атырған қолайлы шараят ҳәм имканиятлар ҳаққында кең түрде түсиниклер берилип, ҳәр бир жасты ана-Ўатанды сүйиў ҳәм қорғайтуғын мәрт перзентлер болыўына тилеклеслик билдирилди.
Кешеде жаслар тәрепинен кеше мийманларына сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы