«Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде саламат аўқатландырыў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, төмендегилер әмелге асырылады:
– мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин басқышпа-басқыш аутсорсинг усылында аўқатландырыў системасына өткериў;
– «Бирден-бир мәўсимлик тағамнама»ны енгизиў ҳәм азық-аўқат қәрежетлериниң есабын «Балалар бақшасы» мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў мәлимлеме системасында жаратылған модуллер арқалы алып барыў;
– мәмлекетлик бақшаларда тәрбияланыўшыларды «Бирден-бир мәўсимлик тағамнама» тийкарында республика аймақлары кесиминде бир тәрбияланыўшы ушын күнлик аўқатландырыў қәрежетин белгилеў арқалы аўқатландырыў.
Сондай-ақ, Билимлендириў тараўында аўқатландырыўды шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў орайы шөлкемлестириледи.
Мәмлекетлик мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде саламат аўқатландырыўды шөлкемлестириўди муўапықластырыў ҳәм процесслерди басқышпа-басқыш санластырыў Орайдың тийкары жумыс бағдарларынан бири етип белгиленди.
Қарар менен «Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде аутсорсинг усылында саламат аўқатландырыўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында»ғы реже тастыйықланды.
Мәмлекетлик бақшаларда тәрбияланыўшылардың саламат, қәўипсиз ҳәм сапалы аўқатланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2025-жыл 1-июльге шекем «Бирден-бир мәўсимлик тағамнама» енгизиледи.
2025-жыл 1-июльге шекем саламат аўқатландырыў шөлкемлестирилетуғын мәмлекетлик бақшаларда исбилерменлер менен белгиленген тәртипте шәртнамалар дүзилиўи ҳәм аутсорсинг усылында саламат аўқатландырыў жолға қойылыўы тәмийинленеди.
ӨзА