Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасында ашық есиклер күни илажы шөлкемлестирилди.

Илажға Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент-жаслары, тьюторлар, Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң әскерий-ўатан сүйиўшилик жойбарлары координаторлары ҳәм «Қалқан» жәмийетлик топарының белсенди ағзалары қатнасты.

Мақсет – жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, оларда тынышлығымыз ҳәм абадан турмысымыздың тийкаршылары және қырағы сақшылары болған пидайы ўатан қорғаўшыларына болған ҳүрмет сезимлерин күшейтиў болып есапланады.

Илажда Қорғаў басқармасының жуўапкер қәнигелери тәрепинен Миллий гвардия ҳәм оның қурамындағы басқармалардың жумыслары, хызмет ўазыйпалары, мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

– Сондай-ақ, хызмет бабында пайдаланылатуғын ҳәр қыйлы техникалар, әсбап-үскенелер, әскерий қурал-жарақлар көргизбесинде жаслар жаңа билим ҳәм көнликпелерге ийе болды. Оқжайдан оқ атыў спорты бойынша да өз тәжирийбелерин арттырды,-дейди  институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.

Басқармада шөлкемлестирилген музейде усы жерде жумыс ислеген пидайы хызметкерлер, олардың өмири ҳәм мийнет жолы, халқымыздың тыныш-парахат турмысын тәмийинлеў жолындағы қаҳарманлықлары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Ашық есиклер күни илажы шеңберинде басқарманың жуўапкерлери ҳәм жаслардың өз-ара сәўбетлесиўи өткерилип, онда студентлер Миллий гвардияның атқаратуғын миннетли ўазыйпалары, бул жерде жумыс ислеў имканиятлары ҳаққында түсиниклерге ийе болып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги