Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилиси болып өтти.
Онда ӨзЛиДеП фракциясының партия депутатлық корпусының 2025-жылға мөлшерленген Ис- режеси додаланды.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзЛиДеП фракциясының баслығы Ш.Отемисов ҳәм фракция ағзалары, сондай-ақ, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси хызметкерлери, белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 8-августтағы “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПП-129-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, партия ҳәм оның депутатлары алдында турған тийкарғы ўазыйпалар додаланды.
Мәжилисте көрип шығылған гезектеги мәселе – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев тәрепинен ислеп шығылған “Барлық жаңа туўылған балалар ушын балалар депозитин ашыў бойынша жойбар”дың презентациясы болды.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының жаңа редакциясында “Өзбекстан – социаллық мәмлекет” деп белгиленген. Социаллық мәмлекет статусын беккемлеў, жаңа туўылған балаларды тәрбиялаўда ата-аналарды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды балаларға узақ мүддетли инвестиция киргизиўге және де жедел тартыў мақсетинде барлық жаңадан туўылған балалар ушын “балалар депозитлери”н ашыў жойбарын енгизиў усыныс етилмекте.
-Бул жойбар бала ержеткенде шахс сыпатында қәлиплесиўин, қәбилетин раўажландырыў ушын еркин финанслық ресурсларға ийе болыўын тәмийинлеўге хызмет етеди,-деп атап өтеди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев.
Сондай-ақ, барлық жаңадан туўылған балалар ушын “балалар депозитин” ашыў, бул депозитти ата-аналар, қәўендерлер ямаса басқа да қәўендерлер тәрепинен нызам тийкарында басқышпа-басқыш толтырыў имканияты менен тәмийинлеў ҳәм 18 жасқа толғанда процентлери менен төлемин алыў ҳуқықын береди.
Жойбар менен халықта узақ мүддетли инвестициялық пикир басқышпа-басқыш қәлиплесип, мәмлекеттен жәрдем қаржыларын талап етиў ҳәм социаллық жәрдемге байланыслылық сезими азаяды. Әҳмийетлиси, басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғын өзгерислер “өли пул” көринисиндеги қорлардың көлемин қысқартыўға хызмет етеди.
Додалаўлар даўамында фракция ағзалары партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларынан келип шығып, “Барлық жаңа туўылған балалар ушын балалар депозитин ашыў” жойбарын буннан былай да жетилистириў бойынша бир қатар усыныслар берди. Атап айтқанда, фракция ағзалары А.Байриева, К.Баймуратов, М.Ибрагимов, М.Жумамуратова, К.Ешбаев, М.Абдировлар бул жойбардың оғада әҳмийетли екенин атап өтип, өз пикир-усынысларын билдирди ҳәм оның халық мәплерине хызмет ететуғынын атап өтти.
Қызғын пикир-усыныслар, сораў-жуўаплардан соң жойбар фракция ағзалары тәрепинен мақулланды.
Мәжилис даўамында республикамызды социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларына байланыслы мәселелердиң орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаў-бақлаў жумысларын әмелге асырыў, атқарыў ҳәкимияты уйымлары баслықларының есабатларын фракция мәжилислеринде тыңлаў бойынша алда турған ўазыйпаларды белгилеп алды.
Илаж жуўмағында күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги