Районның бир қатар қәўендерлери тәрепинен пуқараға жаңа турақ жай салып берилди.

Бул ҳаққында Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Қараөзек районындағы “Бердақ” аўыл пуқаралар жыйыны  “Қайшылы” аўылында жасаўшы, биринши топар майыбы Клара Бекжанова социаллық жәрдемге мүтәж инсанлардан еди. Оның отырған жайының тозыўы жетип, жасаў мүмкиншилиги болмағаннан соң, район ҳәкимине мүрәжат етти.

Бул мүрәәжатты район ҳәкими  үйренип шығып, тийисли шөлкемлердиң жәрдемлери менен қәўендерликке алынды.

Усы жылдың май айынан баслап райондағы бир қатар қәўендер мәкемелердиң жәрдеми менен К.Бекжановаға тазадан турақ жай тиклеп бериў ушын қурылыс жумыслары алып барылды. 3 ханалы турақ жай толық қурып питкерилип, тапсырылды.

Усы мүнәсебет пенен район ҳәкими, бир қатар қәўендер шөлкемлердиң басшылары менен аўылдың жас үлкенлери К. Бекжанованың  шаңарағында болып, шаңарақ ийесин ҳәм қурылысшыларды қутлықлап, қәўендерлерге өз миннетдаршылықларын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги