Жақында, Россия Федерациясы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Н.Н.Блохин атындағы Миллий медициналық изертлеў онкологиялық орайы вертебрал хирургия бөлиминиң баслығы, медицина илимлериниң докторы, профессор Эльмар Мусаев еки күн даўамында республикамызда болды.

Дәслепки күни ол республикалық онкология диспансеринде болып, тараў қәнигелери арасында «Омыртқа буўыны ҳәм төс сүйеклериниң қәўипли исиклери диагностикасы ҳәм емлеў» темасында семинар-тренинг өткерди.

Сондай-ақ, онкологиялық кеселлиги бар бир қатар наўқасларды қабыллап, оларға пайдалы мәсләҳәтлерин берди.

Соң, усы диспансерде емленип, жанына шыпа излеп атырған еки наўқасқа омыртқа буўынындағы кеселлиги ҳәм ишки ишек жолларындағы наўқаслығы бойынша операция жумысларын өткерди. Операция жумысына усы онкологиялық диспансерде ислеўши тәжирийбели шыпакерлер менен қәнигелер қатнасты.

–          Биз кеселликлердиң өтлесип кеткен түрлери менен танысып, операция етиўди режелестиргенбиз. Тийкарынан омыртқа буўыны, төс қәпеси, бел омыртқа ҳәм профил жиклери бойынша өз тәжирийбелеримди тараў қәнигелери менен бөлисиўди режелестиргенмен. Тексериў пайытында операция исленген пуқараларымыздың бири бел омыртқасында қәўипли исик кеселлигине жолығып, кеселликти өткерип жибергени анықланды. Оны Өзбекистан Республикасы бойынша биринши мәрте операция жолы менен емлеўге ҳәрекет еттик ҳәм қәўипли исикти алып тасладық. Операцияға көплеген шыпакерлер қатнасты. Усы жердеги бизиң қабыллаўымызға Хорезм, Бухара, Сурхандәрья, Қашқадәрья ўәлаятларынан да наўқаслар келди,-дейди медицина илимлериниң докторы, профессор Э.Мусаев.

Мен Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте болыўым. Буннан кейинги сапарымды Хорезм ҳәм Бухара ўалаятларында даўам еттириўди режелестирип қойыппан.

Илаждың кейинги күнинде медицина илимлериниң докторы, профессор Эльмар Мусаевтың басшылығындағы топар тәрепинен Хожели районлық медицина бирлеспесинде Хожели, Тақыятас, Шоманай, Қанлыкөл районлық медицина бирлеспелериниң бас шыпакерлери, тараўдың онколог, хирург ҳәм травматолог шыпакерлериниң қатнасыўында оқыў-семинары болып өтти. Семинар жумысында барлық көринистеги мультимедиалардан, көргизбели қураллардан пайдаланылды.

Қатнасыўшылар семинар барысында өзлерин қызықтырған сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги