Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық қәнигелестирилген медициналық хызметти халыққа жақынластырыў, қыстаўлы медициналық жәрдемди өз ўақтында көрсетиў есабынан пуқаралардың өмирин сақлап қалыў және олардың белсенди мийнетке жарамлылығын тиклеўге имканият жаратыў, балалар, туўыў жасындағы, ҳәмиледар ҳәм бала емизетуғын ҳаялларды профилактикалық арнаўлы препаратлар менен бийпул тәмийинлеў ҳәм нефрология ҳәм гемодиализ жәрдемин көрсетиў системасын және де жақсылаў мақсетинде:

  1. 2021-2022-жыллар даўамында район (қала)лық медициналық бирлеспелердиң қурамында 35 Районлараралық қоспа жарақатланыўлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлер орайлары (кейинги орынларда – Орайлар) 1-қосымшаға муўапық басқышпа-басқыш шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер Орайлардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

«алтын саат» принципи тийкарында қоспа жарақатланыўлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери менен медициналық жәрдемге мүтәж наўқасларға қыстаўлы ҳәм қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўди шөлкемлестириў;

өткир ҳәм жуқпалы бүйрек жетиспеўшилиги бар наўқасларға гемодиализ хызметин көрсетиў;

Орайларға бириктирилген район (қала)лардың халқына Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған тәртипте медициналық хызмет көрсетиў.

  1. Орайларға:

аймақлардағы халықтың санынан келип шыққан ҳалда, қыстаўлы медициналық жәрдем ҳәм улыўма хирургиялық бөлимлердиң улыўма орынларының саны шеңберинде 50 ден 60 қа шекем орынлар ажыратылатуғыны;

аймақлық денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң штат бирликлери шеңберинде қосымша нейрохирург, невролог, кардиолог, анестизиолог-реаниматолог ҳәм басқа да штатлардың киргизилетуғыны;

район (қала)лық медициналық бирлеспелердиң жумысын қаржыландырыў бойынша нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген қағыйдалар енгизилетуғыны.

Орайларды қаржыландырыў Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети, Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўәлаятлардың жергиликли бюджетлери есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Районлараралық қоспа жарақатланыўлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайларын шөлкемлестириў илажларының режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (У.Собиров) Қаржы министрлиги (Ж.Абруев) менен биргеликте Орайлардың шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен талап етилетуғын қосымша штат бирликлери ҳәм оларға зәрүр болған қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте Орайларды маман кадрлар менен тәмийинлеў, олардың жумысын жолға қойыўға байланыслы финанслық, материаллық-техникалық ҳәм басқа да шөлкемлестириўшилик мәселелерди өз ўақтында шешиў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 10-ноябрьдеги «Халықтың саламат аўқатланыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4887-санлы қарарына муўапық:

6-23 айлық балалар ушын үй шараятында таярланған аўқатларды байытыў мақсетинде микронутриент унтағы менен;

6 айлықтан 5 жасқа шекем болған балаларды «А» витамини менен;

2-10 жасар балаларды гельминтоз профилактикасы бойынша арнаўлы препаратлар менен;

ҳәмиледар ҳәм бала емизетуғын ҳаяллар ҳәм 3-15 жасар балаларды йод препараты менен;

35 жасқа шекемги туўыў жасындағы ҳаял-қызларды темир ҳәм фолий кислотасы препараты менен бийпул тәмийинлеў нәзерде тутылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

2021-2023-жылларда балалар, туўыў жасындағы, ҳәмиледар ҳәм бала емизетуғын ҳаялларды профилактикалық арнаўлы препаратлар менен бийпул тәмийинлеў илажларының бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын Халыққа көрсетилип атырған нефрология ҳәм гемодиализ жәрдемин буннан былай да жетилистириў илажларының режеси 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

аймақлардың улыўмалық орынлар фонды есабынан нефрология ҳәм гемодиализ бөлимлерин 50 орынға шекем жеткериў;

диализ аппаратлары ҳәм жумсалатуғын қуралларды сатып алыў;

2021/2022-оқыў жылынан баслап жоқары медициналық билимлендириў мәкемелеринде нефрология ҳәм гемодиализ кафедраларының жумысын жолға қойыў;

Республикалық қәнигелестирилген нефрология ҳәм бүйрек трансплантациясы илимий-әмелий медициналық орайының имаратларын қурыў ҳәм реконструкциялаў.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

он күн мүддетте балалар, туўыў жасындағы, ҳәмиледар ҳәм бала емизетуғын ҳаяллардың профилактикалық арнаўлы препаратларға болған талабын анықлаў ҳәм усы препаратларды бөлистириў және жеткериў тәртибин тастыйықласын;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў бойынша:

денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаевқа – усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ушын;

денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасарлары А.Ш.Иноятовқа гемодиализ хызметин жоқары дәрежеде көрсетиў, У.Ю.Собировқа Орайлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, Э.И.Баситхановаға балалар, туўыў жасындағы, ҳәмиледар ҳәм бала емизетуғын ҳаялларды профилактикалық арнаўлы препаратлар менен тәмийинлеў ушын;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлерине усы қарарда белгиленген илажлардың аймақларда сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.

Қарардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 26-июль