Әмиўдарья районында «Истиқболли авлод» Республика социаллық-информациялық орайы тәрепинен «Қәўипсиз келешек» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген тренингте қаладағы мектеплердиң жаслар жетекшилери қатнасты.

Тренингде нызам менен қадаған етилген диний ағымларға кирип кетиўдиң алдын алыў, жаслар менен жақыннан коммуникацияға кирисиў, экстремистлик шөлкемлер, топарлар ҳәм ағымлар ҳаққында мағлыўматқа ийе болғанда тийисли шөлкемлер менен байланысыў бойынша мағлыўматлар берилди.

Сораў-жуўапларға бай болған бул тренингте, жаслар өз пикир-усынысларын билдирип, топарларға бөлинген ҳалда таярлаған презентациялары арқалы экстремистлик шөлкемлердиң тәсирине түсип қалған инсан психологиясын сәўлелендириўге ҳәрекет етти.

– Биз жасларға диний экстремизмниң тәсириниң алдын алыў бойынша профилактикалық илажларды алып барыў бойынша өз усынысларымызды таярладық. Олардың бири қысқа метражлы видео роликлерди таярлаў ҳәм оларды турақлы турде FХҚ, социаллық тармақлар арқалы cәўлелендириў. Себеби, бүгинги күнде аудиторияға телевидение арқалы кирип барып, интернет тармақлары арқалы оларды сергеликке шақырыў мүмкин,-дейди семинар қатнасыўшысы С.Султанов.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги