Нөкис районындағы «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйыны «Ҳаяллар мәсләҳәт» кеңеси орайында әмелге асырылған жумыслар, өткерилген илажлардың жуўмақлары додаланды.

Атап өтилгениндей, орайға аймақтағы 80 ҳаял-қыз өз машқалалары менен мүрәжат еткен. Олардың машқалаларын унамлы шешиў мақсетинде «Ҳаял-қызлар дәптери»не дизимге алынған.

Дизимдеги ҳаяллардың бәнтлигин тәмийинлеў, жеке исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарында илажлар әмелге асырылып, бүгинги күнде 9 ҳаял-қызға жеңиллетилген кредит ажыратылған. 2 ҳаял-қыз турақлы жумыс, 8 ҳаял-қызға денсаўлығын беккемлеў ушын медициналық тексериў, дәри-дәрмақ алыўы ушын бир мәртелик ең кем мийнет ҳақының 3 есеси муғдарында ақша, 60 ҳаял-қыздың социаллық жағдайына бола бир мәртелик жәрдем пулы, 9 ҳаял-қызды қайта кәсипке оқытыў жумыслары әмелге асырылған. Солай етип, дизимге алынған 80 ҳаял-қыздың 78 и есаптан шығарылған. Еки ҳаял-қыздың денсаўлығын тиклеў бойынша тийисли уйымлар менен жумыслар алып барылмақта.

Жәмийетшилик тийкарында бәнтлиги тәмийинленген Н.Ещжанова ҳәм жеңиллетилген кредит алып өз исбилерменлигин жолға қойған Т.Сайткамалова жыйын хызметкерлерине ҳәм ҳаял-қызларға айрықша итибар берилип атырғанлығын атап өтти.

Илажда ҳаял-қызларға байланыслы көрилген мәселелер, машқалаларды шешиў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги