Ташкентте 1-июль күни «Европа Аўқамы-Орайлық Азия» сиясат ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша сыртқы ислер министрлери орынбасарларының қатнасыўында гезектеги мәжилис болып өтти.

Бул илаж Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия регионлары арасында биринши мәрте оффлайн тәризде өткерилмекте.

Онда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Аўғанстан сыртқы ислер мәкемелери басшыларының орынбасарлары және Европа сыртқы жумыс хызмети бас хаткериниң орынбасарлары қатнасты.

Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы жоқары дәрежели сөйлесиўдиң жыллық ушырасыўлары 2013-жылдан берли өткерип келинбекте.

Илаж шеңберинде шегараларды басқарыў, нәшебентлик затлардың нызамсыз айланыўы ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери және регионаллық экологиялық машқалалар додаланды.

Регионлараралық бирге ислесиў шеңберинде бәринен бурын ерисилген келисимлерди әмелге асырыў жуўмақлары және «Европа Аўқамы-Орайлық Азия» түринде ҳәр қыйлы  дәрежеде өткерилетуғын илажлар режеси бойынша бир қатар усыныслар көрип шығылды.

Сондай-ақ, 15-16-июль күнлери Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери арасында экономикалық, сиясий ҳәм инвестициялық қатнасықларды кеңейтиўге бағышланған халықаралық конференция болып өтиўи айрықша атап өтилди.

Соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасықлар жедел раўажланбақта, байланыслар кеңейип бармақта. Өзбекстан баслама шеңберинде ЕА менен экономикалық турақлылықты тәмийинлеўге үлкен итибар қаратпақта.

-Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында бир қатар илажлар белгиленген. Соның ишинде, октябрь айында Душанбе ҳәм Бишкек қалаларында ЕА ҳәм Орайлық Азия регионлары арасында экономикалық бирге ислесиў бойынша ушырасыўлар режелестирилген, – деди Сыртқы ислер министрлигиниң Европа мәмлекетлери менен бирге ислесиў басқармасының биринши хаткери Шарофиддин Мирзоқулов.

Ушырасыўда коронавирус пандемиясы шараятында сыртқы сиясат ҳәм қәўипсизлик тараўларында өз-ара бирге ислесиўди даўам еттириў мәселелери де көрип шығылды.

 

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы