Ташкентте 18-март күни Өзбекстан Республикасы басшылығында Шанхай Бирге ислесиў Шөлкеми  Регионаллық антитеррор структурасы (ШБШ РАТС) Кеңесиниң гезектеги – отыз алтыншы мәжилиси болып өтти.

Илажда Ҳиндстан Республикасы, Қазақстан Республикасы, Қытай Халық Республикасы, Қырғыз Республикасы, Пәкистан Ислам Республикасы, Россия Федерациясы, Тәжикстан Республикасы, Өзбекстан Республикасының ўәкилликли уйымлары және ШБШ РАТС Атқарыў комитетиниң делегациялары қатнасты.

Тәреплер регионаллық қәўипсизликтиң ҳәзирги жағдайын көрип шықты. ШБШ аймағында терроризм, сепаратизм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў тараўында әмелдеги жағдайды додалады, ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги дәрежеси бойынша пикир алысты, халықаралық терроршылық шөлкемлер тәрепинен қәўипсизликке байланыслы заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте гүресиў илажларын белгилеп алды.

Мәжилис даўамында ШБШ РАТС Кеңесиниң ШБШға ағза мәмлекетлер басшыларының Кеңесине ШБШ РАТСтың  2020-жылдағы жумысы ҳаққындағы Есабаты мақулланды. ШБШға ағза мәмлекетлер Терроризм, сепаратизм ҳәм экстермизмге қарсы гүресиў бойынша 2019-2021-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў  бағдарламасының 2020-жылда орынланыўы, ШБШ РАТС Кеңеси қарарларының орынланыўы ҳаққындағы мәлимлеме көрип шығылды.

ШБШға ағза мәмлекетлер Терроризм, сепаратизм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша  2022-2024-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасының жойбары мақулланды. ШБШ РАТС Атқарыў комитетиниң өткен дәўирдеги жумысына унамлы  баҳа берилди.

2021-жылы ШБШға ағза мәмлекетлер ўәкилликли уйымларының гезектеги «Пабби-Антитеррор-2021» биргеликтеги антитеррор оқыў шынығыўларын, ШБШға ағза  мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары шегара хызмети басшыларының  8-мәжилисин ҳәм ШБШ РАТС 8-халықаралық илимий-әмелий конференциясын өткериўге келисип алынды.

ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымларының терроршылық ҳәрекетин қаржыландырыўшы  каналларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша бирге ислесиўди жетилистириўге  қарар етилди.

БМШ  Қәўипсизлик Кеңесиниң сырт елли жаўыз-терроршылар ҳәрекетлениўиниң алдын алыўға қаратылған  2178 ҳәм  2396 санлы Резолюциялары талапларының орынланыўы шеңберинде жолаўшылар ҳаққындағы дәслепки мәлимлемелер ҳәм жолаўшылардың дизимге алыныў жазыўлары ҳаққындағы мағлыўматлар системасын енгизиў мәселеси көрип шығылды.

ШБШ РАТС жумысын раўажландырыў ҳәм ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге қосқан үлеси ушын бир қатар ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымларының хызметкерлери ҳәм ШБШ РАТС Атқарыў комитетиниң лаўазымлы шахслары Кеңес Жарлығы ҳәм ШБШ РАТС Естелик белгиси менен сыйлықланды. Қырғыз Республикасы, Пәкистан Ислам Республикасы ҳәм Россия Федерациясының  ўәкиллери «Шанхай Бирге ислесиў Шөлкемине ағза мәмлекеттиң Шанхай Бирге ислесиў  Шөлкеми Регионаллық антитеррор структурасы Кеңесиндеги Ҳүрметли ўәкили» атағы берилди.

ШБШ РАТС Атқарыў комитетиниң жумысын шөлкемлестириўшилик, финанслық ҳәм кадрлар менен тәмийинлеў бойынша қарарлар қабыл етилди.

ШБШ РАТС Кеңесиниң гезектеги мәжилисин  2021-жыл  сентябрь айында Өзбекстан Республикасы аймағында өткериў ҳаққында келисимге ерисилди.

Мәжилис исшеңлик руўхында, дослық орталықта өтти.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы