Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәти бойынша Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров 11-март күни мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизге келди.

Қырғызстан басшысы Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте Ғәрезсизлик  майданына барды. Жоқары мәртебели мийман бизиң еркинлигимиз, жарқын келешегимиз ҳәм ийгиликли нийетлеримиздиң тымсалы болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.

Көксарай резиденциясында жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Қырғызстан саммитиниң  тийкарғы илажлары өткерилди.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен кейин Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлериниң тар шеңбердеги сөйлесиўи болып өтти.

Ушырасыўдың басында Президент Шавкат Мирзиёев Садир Жапаровты Қырғыз Республикасы Президенти етип сайланғаны менен және бир мәрте қутлықлап, қырғыз халқының абаданлығы жолында алып барып атырған ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Ашық-айдын ҳәм дослық руўхында өткен ушырасыўда мәмлекет басшылары Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы қатнасықлардың бүгинги жағдайын жоқары баҳалады. Сиясий, саўда-экономикалық  ҳәм транспорт тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыўдың кең көлемли мәселелерин додалады.

Президентлер еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын тең ҳуқықлылық ҳәм өз-ара мәпдарлық тийкарында беккемлеп барыў, алдын қабыл етилген ҳүжжетлерди әмелге асырыў  жолында исенимли екенлигин тастыйықлады. Барлық тараўлардағы бирге ислесиўди избе-из кеңейтиў ушын жоқары дәрежедеги сиясий қатнасықты  турақлы даўам еттириўге келисип алынды.

2017-жыл 5-сентябрьде қол қойылған Өзбекстан-Қырғызстан мәмлекетлик шегарасы ҳаққындағы шәртнаманың тарийхый әҳмийети атап өтилип, усы шегараның қалған  бөлимлерин де делимитациялаў мақсетинде Ҳүкиметлераралық комиссияға сөйлесиўлерди жеделлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Сәўбетлесиўде регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды. Көплеген мәселелер бойынша тәреплердиң позициясы бирдей екенлиги анық болды.

Қырғызстан Президенти Өзбекстанның регионда бирге ислесиў ҳәм интеграцияны беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлерин, Орайлық Азия мәмлекетлериниң басшылары мәсләҳәт ушырасыўларын өткериў ҳаққындағы басламасын қоллап-қуўатлайтуғынлығын билдирди. Тәреплер бул форматтағы үшинши ушырасыўын  2021-жылы өткериў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Орайлық Азияға тийисли барлық мәселелер регион мәмлекетлериниң өзи тәрепинен, өз-ара пайда ҳәм мәплерди ҳүрмет етиў принципи тийкарында шешилиўи әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Халықаралық майданда, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңбериндеги байланысларды раўажландырыў мәселелери бойынша да исенимли пикир билдирилди.

Садир Жапаров Қырғызстан делегациясына көрсетилип атырған жақсы миймандослық ҳәм қызғын қабыллағаны ушын Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық  билдирип, мәмлекетимиз басшысын өзи ушын қолайлы ўақытта Қырғыз Республикасына сапар етиўге мирәт етти.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Президенти Садир Жапаров сөйлесиўлерди еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында даўам еттирди.

– Биз тар шеңбердеги ушырасыўда ҳүрметли Садир Нургожоевич пенен Өзбекстан – Қырғызстан қатнасықларының барлық әҳмийетли мәселелерин ашық-айдын, конструктивлик,  ҳәр тәреплеме  додаладық. Туўысқан мәмлекетлеримизди көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары байланыстырып турады. Биз стратегиялық  шериклермиз ҳәм бул қуры сөз емес. Коронавирус пандемиясы бир-биримизге қаншелли байланыслы  ҳәм керек екенлигимизди және бир мәрте көрсетти. Сонлықтан алдын айтқан сөзлеримди және қайталайман: биз Қырғызстан менен әҳмийетли ҳәм кең көлемли бирге ислесиўди режелестиргенбиз. Бул жолда барлық имканиятлар менен ресурсларымызды иске қосыўға таярмыз. Енди ҳүкиметлеримиз, министрликлер ҳәм уйымларымыздың биргеликтеги жумыслары  нәтийжеге бағдарланыўы керек. Бас министрлердиң орынбасарлары ҳәр айда бир мәрте Президентке исленген жумыслар ҳәм бар машқалалар ҳаққында есабат бериўи ҳаққында келисип алдық. Халықларымыз сөзден әмелий жумысларға өтилип атырғанлығын сезиўи керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

– Соңғы жылларда еки мәмлекеттиң қатнасықлары беккемленип, дослық байланыслар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди. Өзбекстан Республикасы менен еки тәреплеме қатнасықлардың барлық тараўларында дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын избе-из раўажландырыў Қырғызстан Республикасы сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири болып қалмақта. Қырғызстан саўда-экономикалық бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме кеңейтиўге айрықша әҳмийет береди. Биз өз-ара товар алмасыў көлемин еки миллиард АҚШ долларына жеткериў мақсетинде ҳәр еки мәмлекет базарларына товар ҳәм хызметлердиң кириўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша биргеликте ислесиўге таярмыз, – деди Қырғызстан Президенти.

Сөйлесиўлерде тийкарғы итибар еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық  бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелерине қаратылды.

Атап өтилгениндей, бул бағдардағы көрсеткишлер унамлы динамикаға ийе. Атап айтқанда, соңғы төрт жылда өз-ара саўда бес еседен асламға өскен ҳәм 900 миллион доллардан артқан.

Мәмлекет басшылары өз-ара пайдалы саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў стратегиялық  шерикликтиң тийкарғы бағдары екенин атап өтти. Саўда айланысын  диверсификациялаў ҳәм номенклатурасын кеңейтиў арқалы келеси жылларда оның көлемин еки есеге көбейтиў имканияты бар екенлиги  атап өтилди.

Сол мақсетте еки мәмлекет базарларына өтимли болған, соның ишинде, жоқары қосымша қунлы өнимлер жеткерип бериў, сыртқы саўда  инфраструктурасы ҳәм экспорт-импорт операцияларын қоллап-қуўатлаўға келисип алынды. Саўда-экономикалық байланыслардың раўажланыўында Өзбекстан Республикасы менен Қырғыз Республикасы арасында еки тәреплеме бирге ислесиў  бойынша ҳүкиметлераралық  комиссия әҳмийетли орын тутып атырғаны тән алынды. Келисимлерди әмелге асырыў мақсетинде ҳүкимет басшылығына  комиссияның гезектеги мәжилисин тез арада өткериў ўазыйпасы қойылды. Саўда үйлериниң жумысын кеңейтиў, бизнес форумлар ҳәм санаат  өнимлериниң көргизбелерин өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Экономиканың түрли тармақларында санаат кооперациясы бойынша анық  жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды. Олар, атап айтқанда, Қырғызстанда жеңил автомобильлер, аўыл хожалығы техникалары, турмыслық техникаларды жыйнаўды жолға қойыў, сондай-ақ, шегара алды аймақларда тоқымашылық ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарлар болып есапланады.

Жәрияланған капиталы  200 миллион АҚШ доллары болған Өзбекстан-Қырғызстан инвестициялық қоры жаратылатуғыны белгиленди, еки мәмлекеттиң ҳүкиметлерине оның жумысын жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

Транспорт тараўы ҳәм транзит жолларын раўажландырыў – Өзбекстан ҳәм Қырғызстан бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдары. Бул бағдардағы ҳәрекетлер сыртқы базарларға жақын ҳәм нәтийжели  шығыўын тәмийинлейди. Әсиресе, «Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай» темир жолының қурылысы стратегиялық әҳмийетке ийе.

Президентлер усы жолдың қысқа ўақытта қурылыўы еки мәмлекеттиң мәплерине толық сәйкес келетуғынын, регионымыздың  транзит потенциалын жүзеге шығарып, тартымлылығын арттыратуғынын айрықша атап өтти. Сонлықтан, бул әҳмийетли жойбар бойынша жумысларды биргеликте даўам еттириўге келисип алынды.

«Ташкент-Әндижан-Ош-Иркиштом-Қашғар» халықаралық мультимодаль жөнелиси де саўда көлеми артыўына хызмет етеди. Сондай-ақ, еки мәмлекет қалалары арасында автобус, темир жол ҳәм авиақатнаўларды қайта тиклеў, жүк тасыў, жолаўшы ҳәм туристлер ағымының көбейиўинде әҳмийетли фактор болады.

Қатнасықлардың және бир үлкен бағдары – аймақлараралық  бирге ислесиў. Бул бағдарда  2017-жыл  5- сентябрьде ҳүкиметлер арасында  келисим және еки мәмлекеттиң ўәлаят ҳәм қалалары арасында  келисимлерге қол қойылған.  2018-жылы Ҳәкимлер ҳәм шегаралас ўәлаятлар ҳәкимшиликлери басшыларының кеңеси дүзилген.

Ушырасыўда аймақлараралық бирге ислесиўди және жеделлестирип, ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў, шегара алды ўәлаятларды комплексли раўажландырыў, мәмлекетлик шегарадан өткериў пунктлеринде халық ушын қолайлы шараятлар жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул келисимлер сапар алдында Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятлары және Ош, Жалолабад, Боткен ҳәм Норин ўәлаятлары тәрепинен келисип  алынған «Жол карталары» шеңберинде әмелге асырылады.

Тәреплер Орайлық Азиядағы суў-энергетика ресурсларынан комплексли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў тәрепдары екенин және бир мәрте тастыйықлады. Бул бағдардағы бирге ислесиўдиң узақ мүддетли турақлы механизмлерин ислеп шығыўға келисилди. Өзбекстан Қырғызстанда гидроэнергетика  жойбарларын әмелге асырыўда қатнасыўға таяр екенлигин билдирди.

Ушырасыўда халықларымыз арасындағы дослық қатнасықлар ҳәм өз-ара келисиўди беккемлеўдиң әҳмийетли факторы болған мәдений-гуманитарлық тараўдағы  бирге ислесиў мәселелери де көрип шығылды.

Илим, билимлендириў, спорт ҳәм туризм сыяқлы тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша исенимли пикир билдирилди. Мәмлекет басшылары мәдений алмасыўлар еки халық арасында  өз-ара түсиник ҳәм дослық қатнасықларды беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтип, мәденият күнлери ҳәм басқа да гуманитарлық илажларды қайта тиклеўге келисип алды.

Қырғызстан Президенти коронавирус пандемиясы дәўиринде Өзбекстан тәрепинен көрсетилген гуманитарлық жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирди. Денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика  тараўында, соның ишинде, дәри-дәрмақ ҳәм медицина қуралларын жеткерип бериў бағдарындағы қатнасықларды кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиўлер жуўмақланғаннан соң, қол қойылған ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлери Биргеликтеги билдириў қабыл етти. Сондай-ақ, еки мәмлекеттиң министрликлери ҳәм аймақларының басшылары қол қойылған ҳүжжетлер менен алмасты. Солай етип, сапар шеңберинде көп қырлы Өзбекстан-Қырғызстан шериклигиниң дерлик барлық бағдарларын қамтып алған  22 ҳүжжетке қол қойылды.

Дерлик  50 биргеликтеги жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған Санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм тереңлестириў бойынша әмелий илажлар режеси, Өзбекстан-Қырғызстан Инвестициялық фондын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисим, электр энергиясын өз-ара жеткерип бериў, Қырғызстанда гидроэнергетика объектлерин қурыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы  ҳүжжетлер усылардың қатарына киреди.

Әндижан ҳәм Ош, Наманган ҳәм Жалолабад, Ферғана ҳәм Боткен, Норин ўәлаятлары арасындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша «жол қарталары» аймақлараралық бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Сондай-ақ, сыртқы сиясат уйымлары арасындағы бирге ислесиў бағдарламасы және бажыхана иси, әскерий ҳәм әскерий-техникалық  бирге ислесиў, денсаўлықты сақлаў, азық-аўқат қәўипсизлиги, өсимликлер карантини, билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўлары бойынша бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылды.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Президент Шавкат Мирзиёев сөйлесиўлер исеним орталығында өткенлиги, тәреплер өз-ара ҳүрмет ҳәм мәплерди есапқа алыў принциплери тийкарында кең көлемли  ўазыйпаларды шешиўге таяр екенлигин атап өтти.

– Биз еки тәреплеме қатнасықлардың барлық әҳмийетли мәселелерин додаладық. Тийкарғы итибар саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылды. Өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў илажларын көриўге келисип алдық. Сол мақсетте исбилерменлер арасындағы байланыслардың жеделлесиўи ушын қолайлы шараятлар жаратылады, саўда, санаат, аўыл хожалығы, транспорт, инфраструктура тараўларында улыўма баҳасы  900 миллион АҚШ долларынан аслам болған жаңа жойбарлар әмелге асырылады. Олардың барлығы ҳәзир ғана қабыл етилген «жол картасы»на киргизиледи. Инвестициялық қордың жаратылыўы бул жойбарларды әмелге асырыўға хызмет етеди.

Өзбекстан-Қырғызстан шериклигинде, әлбетте, әҳмийетли орын тутатуғын аймақлараралық бирге ислесиўди жеделлестириў мәселелери де додаланды. Биз шегара алды ўәлаятлар ҳәкимлериниң турақлы ушырасыўларын өткериў, анық  жойбарлар менен илажларды әмелге асырыўға келисип алдық.

Исенимли ҳәм нәтийжели транспорт жоллары мәмлекетлеримиздиң экономикасы ушын үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарда сөз болғанда, бәринен бурын, «Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай» темир жолы және «Ташкент-Әндижан-Ош-Иркиштом-Қашғар» мультимодаль жолын атап өтиў зәрүр. Биз бул жөнелислерди алға қойыў бойынша өз-ара муўапықласқан илажлар көриў ҳаққында келисип алдық, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимизде аўыллық жерлерди абаданластырыў бойынша басланған кең көлемли «Абат аўыл» бағдарламасы Жиззақ ўәлаяты Дослық районындағы тийкарынан этникалық қырғызлардан ибарат пуқаралар жасайтуғын Манас аўылынан басланғаны да халқымыздың туўысқан қырғыз  елине болған ҳүрметиниң жарқын көриниси екенлиги атап өтилди.

Мәмлекет басшылары саўда ҳәм бажыхана иси, инвестициялар, санаат кооперациясы, транспорт, суўдан пайдаланыў, энергетика, экология тараўларында  еки тәреплеме қатнасықты беккемлеў, қорғаныў уйымлары арасындағы, терроризм ҳәм диний экстремизмге қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўди, мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Президент Садир Жапаров сөйлесиўлерде кең көлемли мәселелер бойынша пикир алысқаны, оның нәтийжелеринен қанаатланғанлығын атап өтти.

– Өзбекстан Қырғызстанның тийкарғы саўда шериклеринен бири болып табылады. Өз-ара бирге ислесиўдиң барлық тәреплерин жеделлестириў  мақсетинде парламентлераралық ҳәм ҳүкиметлераралық  комиссиялардың мәжилислери, шегара алды ўәлаятлар ҳәкимлериниң ушырасыўларын жақын ўақытларда өткериў режелестирилди. Бизнес ўәкиллерине қолайлы орталық жаратыў, товар алмасыў көлемин арттырыўға  келисип алдық, – деди Қырғызстан Президенти.

Мәдений-гуманитарлық қатнасықларды раўажландырыў  мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бүгинги күнде Өзбекстанда қырғыз миллетине тийисли 300 мыңға жақын  пуқаралар  жасайды. Оларға өз тили, мәденияты ҳәм дәстүрлерин сақлаў және раўажландырыў ушын барлық имканият жаратылған.

Халықларымыз арасындағы дослықты  беккемлеў  мақсетинде мәденият ҳәм кино күнлери, жаслар форумлары, фестиваль ҳәм көргизбелер шөлкемлестириўге келисип алынғаны айтылды. Қырғызстан жасларына Өзбекстанның жетекши жоқары  оқыў орынларында билим алыў ушын ҳәр жылы тийкарғы бағдарлар  бойынша грантлар ажыратыў режелестирилип атырғанлығы мәлим етилди.

Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаровтың елимизге мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

 

ӨзА