Рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып турған Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилисиниң баслығы Нуман Куртулмуш басшылығындағы делегация бүгин Самарқандқа келди.

Мийманларды Самарқанд халықаралық аэропортында Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасының жуўапкерлери, ўәлаят ҳәкимлигиниң ўәкиллери күтип алды.


Түркия Уллы миллет мәжилисиниң баслығы Самарқандтағы муқаддес теберик ҳәм тарийхый орынларды зыярат етиўи, қаладағы Түркия бас консулханасына барыўы нәзерде тутылған.



Дәслеп мийманлар Ҳәзирети Хизр комплексине барып, Өзбекстан Республикасының биринши Президенти Ислам Кәримовтың қәбирин зыяратлады. Қуран аятлары оқылып, пәтиялар етилди.

Ғ.Ҳасанов, А.Исроилов (сүўрет), ӨзАның хабаршылары