Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығы Бахтиёр Исломов Беларусь Республикасы Жоқары суды баслығы Валентин Сукало менен ушырасты

Сөйлесиў даўамында еки мәмлекеттиӊ Жоқары судлары арасындағы көп тәреплемели байланысларды беккемлеўге итибар қаратылды.

Тәреплер суд-ҳуқық тараўындағы нәтийжели уйымлараралық бирге ислесиў ушын бар потенциал ҳәм имканиятлар жаратылғанлығына  айрықша итибар берип, өз-ара бирге ислесиў байланысларын кеӊейтиў мәселелери бойынша пикир алысты.

Атап айтқанда, пуқаралық, экономикалық, мийнет, шаӊарақлық ҳәм жынаят ислери бойынща әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Суд тараўына байланыслы нызам ҳүжжетлерине тийисли мағлыўматлар ҳәм судлардыӊ жумысында мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша тәжирийбе алмасыў бойынша пикирлер билдирилди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республиасы ҳәм Беларусь Республикасы Жоқары судлары арасындағы өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.

Бул ҳүжжет бирге ислесиў байланысларын  раўажландырыў ҳәм жетилистириўге ҳуқықый тийкар болып хызмет ететуғын ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди жаӊа басқышқа көтериўге беккем тийкар жарататуғыны атап өтилди.

Мийманлар Жоқары суд музейиниӊ экспонатлары ҳәм пленум мәжилислери залы менен де танысты.

                                                                                                                         ӨзА