Өзбекстан Республикасы әдиллик министри Акбар Тошқулов Қытай Халық Республикасы Олий халық судының баслығы Чжань Цзюн менен ушырасты.
Ташкент қаласында өткерилип атырған Шанхай Бирге ислесиў Шөлкеми (ШБШ)не ағза мәмлекетлер Жоқары судлары баслықларының XIX мәжилиси шеңберинде мәмлекетимизге келген Ч.Цзюн мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың түрли тараўларында әмелге асырылып атырған ҳуқықый реформалар менен жақыннан таныстырылды.
Тәреплер Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы қатнасықлар жаңа басқышқа көтерилгени, түрли тараўларда көп тәреплемели байланыслар раўажланып атырғаны ҳәм жоқары дәрежедеги өз-ара еки тәреплеме сапарлар буның анық мысалы екенин айрықша атап өтти.
ШБШ арасында да еки мәмлекет арасында көп тәреплемели ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылғаны айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, ҳуқықый реформалар, юридикалық хызмет ҳәм суд экспертизасы тараўларын жетилистириў бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша да мағлыўмат берилди.
Ч.Цзюн Өзбекстанда суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды унамлы баҳалап, бул процесс мәмлекетте әдил судлаўға ерисиў ҳәм инсан ҳуқықларын нәтийжели тәмийинлеў ушын хызмет ететуғынын атап өтти.
Өзбекстанның суд экспертизасын раўажландырыў тараўындағы тәжирийбесине үлкен қызығыўшылық билдирди ҳәм ҚХРдың жеке меншик суд экспертизасы шөлкемлери жумысына байланыслы мағлыўматлар менен ортақласты.
Сондай-ақ, тәреплер медиация институтын буннан былай да раўажландырыў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады ҳәм бул тараўда өз-ара тәжирийбе алмасыўға келисип алды.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы